Басым астында экономикалық өсим: Қытайдың триллион долларлық саўда жуўабы

Халықаралық экспертлердиң пикиринше, АҚШ президентиниң жаңа бажы сиясаты ҚХР экспортын төменлетеди, деген болжаўлар 2025-жылдың ақырында өзин ақламады. Рәсмий мағлыўматларға бола, Пекин жылды рекорд дәрежедеги – дерлик 1,2 триллион долларлық саўда пайдасы менен жуўмақлады. Бул көрсеткиш айырым ири мәмлекетлердиң жалпы ишки өнимине тең болып, Қытайдың глобаллық саўдадағы тәсири еле де оғада күшли екенин көрсетти.
Саўда профициты (экспорт импорттан асып кеткен жағдай) Қытай ушын ишки экономикалық басымлар күшейген бир ўақытта әҳмийетли таяныш болып хызмет етти. Көшпес мүлк базарындағы кризис ҳәм ишки талаптың төменлиги фонында Пекин экспортты экономикалық “таяныш үстини” сыпатында жедел қоллады. Нәтийжеде, АҚШ базарындағы жоғалтыўлар басқа регионлардың есабынан қапланды: Африка, Қубла-Шығыс Азия ҳәм Латын Америкасы ҚХР өнимлери ушын жаңа тийкарғы бағдарға айланды.
Санлар бул стратегияның нәтийжесин айқын көрсетти. 2025-жылы Қурама Штатларға экспорт кескин – 20 процентке азайған болса да, Африка базарына жеткерип бериў дерлик 26 процентке, Азия мәмлекетлерине болса 13 проценттен артық артты. Европа Аўқамына экспорт та өсиўи даўам етти. Бул Қытайдың саўда байланысларын диверсификациялаў, яғный, бир базарға байланыслылықты азайтыў сиясаты барған сайын беккемленип атырғанын аңлатады.

ҚХР бажыхана уйымларының ўәкиллери сыртқы орталық қурамалылығы даўам етип атырғанын тән алған ҳалда, мәмлекеттиң глобаллық қәўип-қәтерлерге шыдамлылығы сезилерли дәрежеде артқанын атап өтти. Экономистлер болса күшли экспорт ишки талаптағы әззиликти ўақтынша болса да теңлестирип турғанын атап өтпекте.
Мәмлекетте автомобиль санаатына айрықша итибар қаратылмақта. Қытай 2025-жылы дерлик 5,8 миллион автомобиль экспорт етти, электромобильлер болса дерлик 50 процентке өсти. Бул Пекинди үш жыл избе-из дүньядағы ең ири автомобиль экспортшысына айландырды. Соның менен бирге, рәсмий Пекин ҳәдден тыс экспорт экономикалық ҳәм сиясий қарама-қарсылықларды күшейтип атырғанын да түсине баслады. Соңғы айларда импортты кеңейтиў, субсидияларды қысқартыў ҳәм саўда балансын тиклеў ҳаққындағы билдириўлер буннан дерек береди.
Трамп тарифлери қысқа мүддетте АҚШ-Қытай саўдасын суўытқан болса да, улыўма көринис анық: ҚХР глобаллық саўда картасында өз орнын жоғалтқан жоқ. Керисинше, ол басым астында да бейимлесиў, бағдарын өзгертиў ҳәм үстинликти сақлап қалыў қәбилетин көрсетти.
Мусулмон Зиё, ӨзА