Ирандағы келиспеўшилик ҳәм Венесуэла факторы: нефть базарына не тәсир етпекте?

Нефть базарында төрт күнлик баҳа өсиминен кейин усы ҳәптеде көрсеткиш бираз төменледи. Бул бир тәрептен Венесуэла нефть экспортын қайта тиклеп атырғаны менен байланыслы болса, екинши тәрептен Иран бойынша қәўетерлер жағдайға айрықша тәсир етпекте. “Brent” сортлы нефтьтиң баҳасы баррель ушын 65,38 доллар әтирапында, АҚШтың “West Texas Intermediate” (WTI) нефти болса 61,03 долларға баҳаланбақта.
Кейинги ўақытлары “Brent” ҳәм “WTI” баҳалары шама менен 9,2 процентке көтерилген еди, бул болса Иран ишиндеги ғалабалық наразылықлар ҳәм жеткерип бериўдеги үзилис қәўпи себепли жүзеге келген геосиясий қәўип жағдайынан дерек береди. Иран OPEKтиң төртинши ири нефть ислеп шығарыўшысы болғаны ушын бул мәмлекеттеги сиясий тынышсызлық базарды өзгериўшең деп есаплаўға ийтермелемекте.
Экспертлердиң пикиринше, ҳәзирше наразылықлар үлкениң тийкарғы нефть ислеп шығарыў аймақларына тарқалмаған.
Ҳәзирги қәўип тийкарынан сиясий ҳәм логистика машқалалары менен байланыслы болып, ҳақыйқый өндирислик үзлислерди келтирип шығармайды.
Венесуэлада болса жағдай қарама-қарсы тәрепке өзгермекте: Қурама Штатлар менен ерисилген келисим тийкарында еки супертанкер ҳәр бири шама менен 1,8 миллион баррель нефть пенен порттан жөнеп кетти – бул узақ ўақыт тоқтап қалған экспорттың дәслепки белгилери болыўы мүмкин. Усы жол менен глобаллық тәмийнаттағы бослықларды толтырыўға урыныўлар күшеймекте.
Базардың ҳәзирги жағдайы соны көрсетпекте, нефть баҳалары тийкарынан усыныс-талап теңсалмақлығы менен емес, ал геосиясий қәўетерлер ҳәм глобаллық сиясаттағы анықсызлық пенен қәлиплеспекте. АҚШ қоймаханаларындағы нефть резервлери күтилмегенде 5,23 миллион баррельге артқаны да базарды турақластырыўға хызмет етпекте.
Жуўмақлап айтқанда, баҳалар бойынша қысқа мүддетли өсим Иран менен байланыслы сиясий қәўип-қәтерлер себепли жүзеге келген болса да, глобаллық тәмийнат ағымларының тикленип атырғаны, атап айтқанда, Венесуэланың экспорты қайтып атырғаны себепли баҳалар енди турақласыў жолына кирип атырғандай көринбекте.
Мусулмон Зиё, ӨзА