Ветеран ҳәм жаслар ушырасыўы

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған ушырасыў болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң ветераны, майор Ж.Нурниязов, филиал басшылары, профессор-оқытыўшылар, хызметкерлер ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Ушырасыўды филиал директорының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбасары Х.Абдижалиев, Ж.Нурниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде Қураллы Күшлерди беккемлеў, қорғаныў системасын заман талапларына сай раўажландырыў, әскерий хызметкерлердиң социаллық қорғалыўын күшейтиў бағдарында алып барылып атырған системалы реформаларға тоқтап өтти.
Өзбекстан Қураллы Күшлериниң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыў басқышлары, мәмлекетимиз қәўипсизлигин тәмийинлеўде әскерлердиң тутқан орны, сондай-ақ, бүгинги күнде Қураллы Күшлеримизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында мағлыўматлар берилип, жас әўладты әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларда Конституцияға ҳүрмет, нызамларға садықлық ҳәм ўатан тәғдирине байланыслылық сезимин беккемлеў әҳмийетли ўазыйпа екенин атап өтилди.


Ушырасыўда студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги