Студентлер арасында «Туран батырлары» әскерий-спорт жарысы болып өтти

20

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен факультетлерде оқып атырған студент-жаслар арасында «Туран батырлары» әскерий-спорт жарысы болып өтти.

Институттың Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми, жаслар менен ислесиў ҳәм руўхый-ағартыўшылық бөлими, институт спорт клубы, сондай-ақ, Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы менен биргеликте шөлкемлестирилген жарысқа барлық факультетлерден командалар қатнасты.

Жасларды ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың руўхый ҳәм физикалық таярлығын күшейтиў, жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм Қураллы Күшлер қурамында хызмет етиўге болған қызығыўшылықты арттырыў мақсетинде өткерилген жарыста қатнасыўшылар турникте тартылыў, «АКМ» автоматын бөлеклерге ажыратыў ҳәм жыйнаў, мергенлик (оқжайдан атыў), арқан тартысыў шәртлери тийкарында өзлериниң физикалық таярлығы ҳәм имканиятларын сынақтан өткерди.

Жарыс жуўмағында 1-орынға Педагогика-психология ҳәм дөретиўшилик тәлим факультети, 2-орынға Тарийх факультети, 3-орынға Анық пәнлер факультети командалары мүнәсип деп табылды.

Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм байрам саўғалары менен сыйлықланды.

Илаж шеңберинде Миллий гвардия хызметкерлери менен әскерий қурал-жарақлар ҳәм хызмет ийтлериниң жумыслары сәўлеленген көргизбе шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги