Нөкисте жаслар Қураллы Күшлер жумысы менен танысты

9

Нөкис қаласында жайласқан әскерий бөлимде Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы мүнәсибети менен ашық есиклер күни илажы шөлкемлестирилди. Илажда улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары, колледж ҳәм техникум студентлери, жоқары оқыў орынларының жаслары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илаж даўамында қатнасыўшылар әскерий бөлимниң заманагөй шараятлары менен танысты, әскерий хызметкерлердиң күнделикли хызмет жумысын жақыннан бақлаў имканиятына ийе болды. Заманагөй жатақханалар, спорт заллары, аўқатланыў орынлары, оқыў ханалары ҳәм дем алыў аймақлары жасларға бүгинги әскерий хызметтиң қолайлы ҳәм системалы тәризде шөлкемлестирилгенин мақтанышлы ҳәм перспективалы кәсип сыпатында көрсетти. Әсиресе, Әмир Темур ҳәм Жалаладдин Мангуберди атлары менен безелген тематикалық класслар жаслардың қәлбинде миллий мақтаныш ҳәм тарийхқа болған қызығыўшылықты және де арттырды.

Қураллы күшлер системасында хызмет етип атырған әскерий хызметкерлер тәрепинен көрсетилген қол урысы көргизбели шығыўлары тамашагөйлерде үлкен қызығыўшылық оятты. Шаққанлық, анықлық ҳәм жоқары физикалық таярлықты өзинде жәмлеген бул көргизбели шынығыўлар әскерий хызметкерлердиң тек ғана физикалық емес, ал руўхый жақтан да күшли екенин айқын көрсетти.

Сондай-ақ, илаж даўамында заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалар көргизбеси илаж қатнасыўшыларының итибарына усынылды. Жаслар әскерий техникалардың имканиятлары, олардың жаўынгерлик таярлықтағы орны менен жақыннан танысып, қәнигелерден толық мағлыўматлар алды.

Илаждың ең қызықлы ҳәм инновациялық бөлими сыпатында дронлар шоусы айрықша итибарды тартты. Ушыўшысыз ушыў аппаратларының ҳаўада муўапықластырылған ҳәрекети, олардың разведка ҳәм бақлаў имканиятлары көрсетилип, заманагөй армияда санлы технологиялардың орны қаншелли әҳмийетли екени әмелде көрсетип берилди. Бул шоу жаслардың санасында келешектеги әскерий кәсиплердиң келбетин және де айқын сәўлелендирди.

Атап өтиў орынлы, ашық есиклер күни илажы жаслар ҳәм халық ўәкиллери ушын миллий армиямыздың күши, потенциалы ҳәм заманагөй раўажланыўын жақыннан көриў, әскерий хызметкерлер менен пикирлесиў имканиятын жаратты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.Ҳабийбуллаевтың түсирген сүўретлери.