Хызмет көрсетиўдиң заманагөй стандартлары туўралы түсиниклер берилди

Нөкис қаласында “Заманагөй хызмет көрсетиў ҳәм миймандослық стандартлары” атамасында семинар-тренинг болып өтти.
Бул илаж “QR Gastronomic Quality” жойбары шеңберинде DMO Karakalpakstan жәмийетлик бирлеспеси тәрепинен шөлкемлестирилип, оған республикамыздағы белгили кафе, ресторан ҳәм шайханалардың ийелери ҳәм басқарыўшылары, официантлар, хостеслар, зал менеджерлери, гастрономиялық жойбарлардың ўәкиллери, сондай-ақ, сервис тараўына қызыққан жаслар қатнасты.
DMO Karakalpakstan Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының социаллық буйыртпалар таңлаўының жеңимпазы болып, “QR Gastronomic Quality: Қарақалпақстанның тартымлылығын арттырыў ушын гастрономиялық туризм хызметлериниң сапасын баҳалаў ҳәм жақсылаў” жойбарын әмелге асырмақта. Жойбар гастрономиялық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм регионның туристлик потенциалын раўажландырыўға қаратылған.
Семинарда қәнигелер тәрепинен ресторан хызметиниң заманагөй стандартлары, тутыныўшылардың тәжирийбесин қәлиплестириўде миймандослықтың (hospitality) орны, сондай-ақ, Франция, Италия, Япония, Түркия ҳәм АҚШ ресторанларындағы халықаралық хызмет көрсетиў әмелияты туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди. Онда сырт ел стандартларын Өзбекстандағы улыўма аўқатланыў әмелияты менен салыстырыўға айрықша итибар қаратылды.
Семинардың айрықша бөлимлери шағымлар ҳәм бәсекили мәселелер менен ислесиў, мийманлар менен қарым-қатнас көнликпелерин раўажландырыў мәселелери, хызмет көрсетиўди маркетинг қуралы ҳәм ресторанлардың бәсекиге шыдамлылығының әҳмийетли факторы сыпатында көрип шығыў, соның ишинде, хызмет сапасын онлайн-баҳалаў ҳәм мәкемениң абырайына тәсири мәселелерине бағышланды.
Семинарда қатнасыўшылар QR Gastronomic Quality системасының тийкарғы принциплерин өзлестирип, хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў ушын әмелий көнликпелер арттырды ҳәм халықаралық сервис элементлерин жергиликли өзгешеликлерди есапқа алған ҳалда қандай бейимлестириў мүмкин екенлиги ҳаққында түсиниклерге ийе болды.



Бундай илажлардың өткерилиўи гастрономиялық туризмниң турақлы раўажланыўына хызмет етеди ҳәм Қарақалпақстанның туристлик бағдар сыпатындағы тартымлылығын арттырады.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги