Деря Сойсал: 2025-жыл Өзбекстан сыртқы сиясаты ушын табыслы келди

Бизге белгили, өткен жыл мәмлекетимиздиң сыртқы сиясаты үлкен өзгерислер, жарқын тарийхый ўақыялар менен есте қалды. Жоқары дәрежедеги сапар етиўлер, ири халықаралық форумлар, ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер елимиздиң халықаралық майдандағы орнын және бир басқышқа көтерди. Тийкарғысы, үлкен жетискенликлеримиз халықаралық көлемде де тән алынбақта. Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ бойынша эксперт Деря Сойсал ӨзАға усы темада интервью берди.

– 2025-жыл Өзбекстан сыртқы сиясаттағы позициясын сапа жағынан жаңа басқышқа көтере алғанын тән алыў керек. Улыўма, мәмлекет кейинги жылларда ашық, прагмматикалық, жедел ҳәм интакер сыртқы сиясат алып бармақта.
Атап айтқанда, биз Орайлық Азиядағы үлкен өзгерислер, мәселен, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан арасында қол қойылған тынышлық шәртнамасына гүўа болдық. Шавкат Мирзиёев бул процессте тийкарғы дәлдәлши ўазыйпасын атқарғанын атап өтиў керек.
Елимиз дүньяның түрли мәмлекетлери менен бирге ислесиў орнатып, табыслы сыртқы сиясатты жедел раўажландырды. 2025-жылы жүз берген стратегиялық әҳмийетке ийе бир неше ўақыя республиканың халықаралық абырайын сезилерли дәрежеде көтерди. Өзбекстан ҳәзирги ўақытта АҚШ, Қытай, Түркия, сондай-ақ, Европа Аўқамы ҳәм Жақын Шығыс сыяқлы дүньяның көплеген мәмлекетлери, регионларының дыққат орайында. Бул мәмлекетлер ҳәм структуралар исенимли шерик имиджин барған сайын беккемлеп атырған Ташкент пенен шериклик көлемин және де кеңейтиўге умтылмақта.
Европа Аўқамы ҳәм Өзбекстан бир-бирине жақынласпақта
2021-жыл апрель айынан берли Өзбекстан Европа Аўқамының улыўмаластырылған жеңилликлер схемасы бойынша Турақлы раўажланыў ушын арнаўлы хошаметлеў келисими (GSP+) арқалы ЕА базарына бир тәреплеме жеңиллетилген кириў имканиятынан пайдаланбақта. Мәмлекет өз есиклерин глобаллық базарға кеңнен ашты ҳәм бул жолдағы мақсетлерге ерисиўдиң бирден-бир жолы Орайлық Азияны ЕАға жақынластырыў еди.
Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге (EPCA) қол қойылыўы ЕА менен қатнасық сапа жағынан жоқары басқышқа көтерилип атырғанын аңлатады. Шавкат Мирзиёевтиң 23-24-октябрь күнлери Европа Кеңесиниң Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа Комиссиясының басшысы Урсула фон дер Ляйенниң мирәт етиўине бола Брюссельге рәсмий сапары шеңберинде Өзбекстан ҳәм ЕА арасында көплеген тараўлардағы бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша әҳмийетли келисимлерге қол қойылды.
Европаға Орайлық Азия керек. Регионның демографиялық қүдирети сыпатында Өзбекстанға мүрәжат етпей бул мәселени додалаў мүмкин емес. Усы көзқарастан тастыйықланған келисимлер сиясий сөйлесиўди тереңлестириў, саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, инвестиция тартыў арқалы турақлы раўажланыў, жасыл экономика ҳәм санластырыў тараўында бирге ислесиўди тереңлестириў ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратты. Әлбетте, ески коньтиненттеги бирге ислесиўшилер республикада әмелге асырылып атырған реформаларға жоқары баҳа берди.
Мағлыўматқа бола, Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы саўда айланысы соңғы бес жылда еки еседен көбирек артып, 2024-жылы шама менен 6,4 миллиард евроға жетти. Франция, Германия, Белгия ҳәм Италиядан келген Европа компаниялары тоқымашылық, қайта тикленетуғын энергия, логистика сыяқлы тараўларда жумысын кеңейтти. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетте жумыс алып барып атырған мыңнан аслам Европа қоспа кәрханасының Өзбекстанға киргизген инвестициясы 40 миллиард евроға баҳаланбақта.
Қурама Штатлар ҳәм Өзбекстан
Өткен жылы Өзбекстан ҳәм АҚШ өз-ара бирге ислесиўди тереңлестириў жолында әҳмиетли қәдем таслады. Жақында Вашингтонда болып өткен Орайлық Азия – АҚШ саммити – C5+1 ҳәм жоқары дәрежедеги еки тәреплеме сөйлесиўлерди ҳәр еки тәреп бирге ислесиўдиң жаңа дәўири, деп баҳалады.
Экономикалық ҳәм технологиялық бирге ислесиў тереңлесип атырғаны тийкарғы жетискенликлерден бири болып есапланады. 2025-жыл ноябрь айында Вашингтонда болып өткен Шавкат Мирзиёев ҳәм АҚШ Президенти Дональд Трамп ушырасыўынан соң Мәмлекетлик департамент өз-ара қатнасықлар тарийхындағы стратегиялық жақтан оғада әҳмийетли кең көлемли келисимлер топламын жәриялады.
Саўда айланысы соңғы сегиз жылда төрт есеге артқаны, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда 300 ден аслам Америка компаниясы жумыс алып барып атырғаны атап өтилди.
Өзбекстан – Азия ҳәм Европа арасындағы көпир
Бүгин “Жаңа Өзбекстан” концепциясы тийкарында көп тәреплеме сыртқы сиясат алып барылмақта. Басқаша айтқанда, мәмлекет Азия ҳәм Европа арасындағы көпир ўазыйпасын атқармақта. Өткен жылы Чин үлкеси менен жақынласыў да айқын көринди. Қытай Өзбекстанның тийкарғы экономикалық шериги болып қалмақта. Өз-ара саўда жедел өсиўде даўам етпекте ҳәм бул ҳәр еки тәрептиң экономикалық абырайын беккемлемекте.
2025-жылы мәмлекеттиң сыртқы саўда айланысы 72 миллиард доллардан, експорт болса 30 миллиард доллардан артты. Бул алдынғы жылға салыстырғанда дерлик 7 миллиард доллар көп.
Өзбекстан: Жәҳән дипломатиясы орайларынан бирине айланды
Жуўмақланған жыл Өзбекстан Парламентлераралық аўқамның 150-Ассамблеясы, БМШ Мәмлекетлик хызмети форумы, UNESCO Бас конференциясы, Халықаралық климат конференциясы, ЕА – Орайлық Азия саммити, ЕА менен “Global Gateway”, Ташкент инвестициялық форумы, регионаллық мәмлекетлердиң Ташкент саммити сыяқлы онлаған ири илажларға басшылық етти. Әсиресе, 40 жыл ишинде биринши мәрте Париждан тысқарыда – Самарқандта өткерилген UNESCO 43-Бас конференциясы республиканың тарийх, билимлендириў ҳәм мәдений мийрасты сақлаў тараўындағы реформаларының тән алыныўы сыпатында көринди.
Мәмлекет 120 дан аслам жоқары дәрежедеги сырт ел делегациясы ҳәм халықаралық және регионаллық структуралардан 300 ге шамалас делегация ўәкиллерин қабыллады. Бул әнжуманлар бизнес жәмийетшиликлери арасында тиккелей байланыслар орнатыў, бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарын беккемлеў имканиятын жаратты.
Туризм Өзбекстанның халықаралық имиджин қәлиплестирмекте
БМШ мағлыўматына бола, Өзбекстан 2025-жыл дүньядағы ең тез раўажланып атырған кириў туризми бағдарлары қатарынан орын алды. UNWTO да буны тастыйықлады. Мәўсимде мәмлекетке 11 миллионға шамалас сырт ел туристи келген. Халықаралық көргизбелерде қатнасыў, сондай-ақ, биринши “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” туризм форумының өткерилиўи республиканың тартымлылығын және де арттырды.
Жуўмақлап айтқанда, 2025-жыл Өзбекстан ушын умытылмас, салмақлы ҳәм нәтийжели жыл келди. Жедел даўам етип атырған реформалар мәмлекеттиң дүнья жәмийетшилигиндеги орнын беккемлеп, мәмлекеттиң халықаралық абырайын арттырмақта.
ӨзАның хабаршысы Гўзал Сатторова жазып алды