Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери заманагөй технологиялар менен таныстырылды

Нөкис Қорғаныў ислери басқармасы тәрепинен ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын арнаўлы пресс-тур шөлкемлестирилди.
Пресс-тур даўамында журналистлер алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм заманагөй санлы басқарыў системаларының жумысы менен танысты. Экскурсия даўамында қатнасыўшылар ҳәр бир системаның ислеў принциплери, мақсетли ўазыйпаларды әмелге асырыўдағы имканиятлары ҳәм әскерий таярлық процесиндеги әҳмийети ҳаққында дәслепки мағлыўматларға ийе болды.
Илаждың орайлық мәнзили – шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлаў орайы болды. Бул орай жасларды әпиўайы әскерден заманагөй технологияларды басқаратуғын, анық мақсет белгилей алатуғын ҳәм жуўапкершиликти терең сезетуғын заманагөй әскерий қәниге сыпатында қәлиплестиреди. Әсиресе, дрон ушыўшылары бағдары бүгинги әскерий тараўдың ең әҳмийетли ҳәм перспективалы бағдарларынан бири сыпатында айрықша итибарға ылайық.
Илаж даўамында жуўапкерлер атап өткениндей, жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў – бул тек ғана сүрен емес, ал реал билим, анық кәсип ҳәм беккем турмыслық позиция бериў деген сөз. Бүгин дронды басқарыўды үйренип атырған жаслар ертең тек ғана әскерий тараўда емес, ал тыныш турмыста да жоқары технологиялар менен ислей алатуғын маман қәниге сыпатында жетилиседи.
Қысқаша айтқанда, пресс-тур Қураллы Күшлердиң заманагөй раўажланыў бағдарлары, санлы технологияларды енгизиўдеги жетискенликлери ҳәм жасларды таярлаўда жаратқан имканиятларын кең жәмиейтшиликке ашық түрде көрсетти.



Илаж жуўмағында ғалаба хабар қуралларының хызметкерлерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери