Реза Пеҳлави: Иранға қайтыўға таярман (+видео)

1979-жылы тахттан қулатылған Иран шаҳының баласы Реза Пеҳлави даўам етип атырған ғалабалық көтерилислер ўақтында Иранға қайтыўға таяр екенин билдирди. Ол буны “шешиўши сәт” деп атап, АҚШ басшылығын белсенди ҳәрекет етиўге шақырды.
Оның айтыўынша, өтиў дәўири ушын арнаўлы топар қәлиплестириў үстинде әллеқашан жумыс баслаған. Бул ҳаққында DW хабар берди.
Реза Пеҳлави Fox News телеканалы арқалы АҚШ президентине мүрәжат етип, оны тынышлық ҳәм “жаўыз күшлер”ге қарсы гүрес рәмзи сыпатында тәрийипледи.
Реза Пеҳлавидиң атап өтиўинше, Трамптың ашық қоллап-қуўатлаўы Ирандағы наразы күшлерге күшли руўхый таяныш бермекте. Ол ҳәзирги жағдайды миллетти азат етиў ушын шешиўши сәт деп баҳалаған. Сондай-ақ, имканият туўылыўы менен Иранға қайтыўға таяр екенин мәлим еткен.
The Wall Street Journal басылымының хабар бериўинше, бүгин яғный 13-январь күни Дональд Трамптың жанында Ирандағы жағдай додаланады. Онда әскерий соққылар, киберҳүжимлер, жаңа санкциялар ҳәм оппозицияны қоллап-қуўатлаў мәселелери көрип шығылыўы мүмкин.
Reuters агентлигиниң хабар бериўинше, ушырасыўға Трамптың жоқары лаўазымлы кеңесгөйлери қатнасады. 64 жастағы Реза Пеҳлави әкеси Муҳаммад Реза Пеҳлави 1979-жылы тахттан қулатылғанынан берли АҚШта жасап келмекте. Ол Тегерандағы ҳәкимиятты өзгертиў тәрепдары сыпатында шығып атыр.
Кенжа Бекжонов, Салим Обиджонов (видео), ӨзА