Өзбекстан-Қытай: таў-кән тараўында стратегиялық бирге ислесиў беккемленбекте

18

Кейинги жыллары Өзбекстанның таў-кән санааты ҳәм геология тараўында сырт ел инвесторлары менен бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарында бир қатар әҳмийетли қәдемлер тасланбақта.

Әсиресе, бул бағдардағы ушырасыўлар тек ғана заманагөй технологияларды енгизиў имканиятларын додалаў емес, ал тәбийғый ресурслардан нәтийжели ҳәм экологиялық турақлы пайдаланыўды тәмийинлеў, өндирис көлемлерин арттырыў және тараўда бәсекиге шыдамлы орталықты жаратыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Өзбекстан Республикасы Таў-кән санааты ҳәм геология министрлигинде Қытайдың “China Coal Resource Development” ири энергетика ҳәм көмир ислеп шығарыў компаниясының бас директоры Ю.Чин Сиан басшылығындағы делегация менен өткерилген ушырасыўда да әйне усы тараўда бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине әҳмийет қаратылды.

Ушырасыўда тәреплер мәмлекетимиздеги перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, соның ишинде, көмир санаатында бирге ислесиў имканиятлары, заманагөй технологиялар тийкарында қазып алыўда қоршаған орталыққа тәсирди азайтыў илажлары ҳәм өндирис көлемлерин арттырыў әҳмийетли ўазыйпалардан екенин атап өтти. Сол себепли, бул процессте олар өз-ара имканиятларды көрип шығыўға итибар қаратты.

Онда делегация ағзалары бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин тәмийинлеў, перспективалы жойбарлар шеңберинде өз-ара пайдалы байланысларды беккемлеў ҳәм тараўда инновациялық көзқарасларды енгизиўдиң әҳмийетин айрықша атап өтти. Олардың сөзлерине бола, “China Coal Resource Development” Қытайда көмир қазып алыў, қайта ислеў ҳәм заманагөй технологиялар тийкарында экологиялық турақлы раўажландырыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў тараўында үлкен тәжирийбеге ийе болып, халықаралық көлемде де кеңнен танылған компания болып есапланады.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў бойынша алдағы ўазыйпаларды белгилеп алды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА