Жақсылардың екинши өмири даўам етеди

74

Балалық, жаслық, ғаррылық… Инсан ушын инам етилген усы өмир мәўритлерин ҳәмме де толық ҳәм кеўлиндегидей етип жасап өте бермейди. Бирақ, сынақ ҳәм машақатларды жеңип, жәмийеттен өз орнын таўып, өзиниң минез қулқы ҳәм пазыйлетлери менен керекли инсанға айланған жақсы инсанлар «екинши өмири» арқалы да келешек әўладтың ядында узақ дәўирлер жасап қалады. Халқымызда «Жақсыдан бағ қалады» деген гәп бар. Меҳрибан ана, тәжирийбели устаз Бибисара Нуратдинова да ел-халқымызға билимли ҳәм тәрбиялы перзентлери менен бир неше шәкиртлерди өзинен мийрас етип қалдырып кетти.

Әмиўдәрья районында туўылып өскен ол,  Нөкис қаласына билим алыў ушын келгенинде он жети жастағы қыз еди. Балалығынан педагог болыўды арман еткен ол, Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтынында билим алып, 1973-жылы табыслы тамамлайды. Айдын келешекке қәдем таслар екен, оқыўды питкерген жылынан баслап Нөкис медицина училищесинде (ҳәзирги Нөкис медицина техникумы) кадрлар бөлими баслығы лаўазымында мийнет жолын баслайды. 1985-жылдан баслап 2005-жылға шекем сол оқыў орнында рус тили ҳәм әдебияты пәни муғәллими болып минсиз хызмет атқарады. Өзиниң тәжирийбеси ҳәм жәмәәт арасындағы абырайы менен кафедра баслық лаўазымында жумыс алып барады.

Медицина билим журтында студент жаслар ушын рус тили ҳәм әдебияты пәнин билиў жүдә зәрүр болғанлықтан оларға билим бериў ушын педагогтан шеберлик, талапшанлық, билим талап етилер еди. Бибисара апа бул жуўапкершиликти терең сезинген ҳалда жасларға үлкен шеберлик ҳәм заман талаплары тийкарында билим бериўден жалықпады. Устаз сабақ ўақтында тил мәденияты, көркем баянлаў ҳәм әдебий дүнья қарасын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратар еди. Студентлерди тек ғана сабақты өзлестириў емес ал, еркин пикирлеўге, сөз қудиретин терең сезиниўге, ҳәр қандай тилди таза сөйлеўге үйретер еди.

Бибисара апа излениўшең ҳәм талапшан устаз болды. Ол оқыў орнындағы оқыў методикалық жумысларды жақсылаў мақсетинде бир қанша оқыў қолланбалар иследи. Рус тили ҳәм әдебияты пәни оқыў бағдарламасы, лекциялар текстлерин жазып шығып ҳәм өз ис тәжирийбесин ен жайдырыў мақсетинде республикалық газеталарға мақалалары менен қатнасып турды. Устаз студент жаслардың рус тилине болған қызығыўшылығын арттырыў ушын жаңа методлардан пайдаланып, сабақларын қызықлы ҳәм түсиникли етип өтиўге ҳәрекет етип барды. Сондай-ақ, оқыў орнындағы руўхый ҳәм ағартыўшылық жумысларға да белсендилик пенен қатнасып, студентлер арасында китап ҳәм газета-журналларды оқып барыўға шақырып барар еди. Ол тәжирийбели устаз сыпатында жас оқытыўшыларға да устазлық етиў менен бирге оларға өз өмир тәжирийбесинен тәлим-тәрбия бериўден жалықпады.

«Дарақ бир жерде көгереди» дегениндей, өзиниң 31 жыллық мийнет жолында Нөкис медицина билим журтында жасларға билим берип, бир неше мыңлаған шәкиртлерге устазлық еткен Бибисара Нуратдинованың мийнетлери Ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, 2007-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген муғәллим» ҳүрметли атағы менен сыйлықланады. Сондай-ақ, 2000-жылы Қарақалпақстан Республикасы орта арнаўлы кәсип-өнер билимлендириў басқармасы тәрепинен Ҳүрмет жарлығы, 1995-жылы Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Ҳаялдың бахты әлбетте шаңарағы менен. Ол тәбиятты қорғаў комитетинде жуўапкерли лаўазымларда хызмет атқарған өмирлик жолдасы Ҳүрметулла Утешов пенен бирге бес перзентти тәрбиялап, оларды билимли-илимли етип камалға келтирди. Үлкен улы Иззетулла Утешов Ишки ислер министрлигинде жуўапкерли лаўазымларда хызмет еткен болса, Улпетулла Республикалық емлеўханада шыпакер (2020-жылы қайтыс болды) болып, халқымыздың денсаўлығын сақлаўда үлкен үлес қосты. Ал, Санетулласы болса заманға аяқ қосқан жеке исбилермен, Сарагүл қызы мектеп директоры болып ислеп атырган болса, Зернегүл ҚМУда оқытыўшы болып ислеп, студент жасларға билим берип келмекте. Олар перзентлеринен 15 ақлық, 5 шаўлық сүйген бахытлы ата-ана болды.

-Кемпир апам бизлердиң де тәрбиямыз бенен шуғылланатуғын еди, – дейди оның биринши ақлығы Сарбиназ Хурметуллаева.

–Билим алыўымызға айрықша итибар менен қарады. Бос ўақытларымызды мазмунлы өткериўимиз ушын ҳәр қыйлы пән дөгреклерине өзи алып баратуғын еди. Китап оқыўға қызықтырып, өзи қадағалап баратуғын еди. Оның жақсы пазыйлетлери жүрек төримизде мәнгиге сақланып қалған.

Адамгершиликти, туўры сөзликти, инсаныйлықты барлық нәрседен үстин қойған Бибисара апа, усы пазыйлетлери менен жақынларының қәлбинде жақсы еслеўлер қалдырып 2019-жылы бул дүньядан көз жумды. Егер арамызда болғанда 74 жасты қарсы алатуғын еди деп еслеўимиге мүнәсип болған устаздың екинши өмири перзентлериниң ҳәм шәкиртлериниң ел-халқымызға хызметлери менен даўам етип атыр. Инсанның бул дүньяда жасаўының мәниси де сол.

 

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги