Ирандағы наразылық көтерилислери қурбанларының саны 646 адамға жетти

17

Иранда экономикалық машқалалар себепли келип шыққан наразылық көтерилислеринде қайтыс болғанлардың саны 646 адамға жетти.

Хабарларға бола, 31 аймақта болып өткен наразылық көтерилислеринде 505 көтерилисши, 133 қәўипсизлик хызметкери ҳәм бир прокурор қайтыс болған. Көтерилислер ўақтында қамаққа алынғанлардың улыўма саны 10 мыңнан артқан.

Атап өтилиўинше, даўам етип атырған тынышсызлықларда мыңлаған адамлар жарақатланған. Жарақатлардың көпшилиги резина оқлар ҳәм металл шарлар қолланылыўы нәтийжесинде келип шыққан. Бирақ Иран рәсмийлери наразылық көтерилислери ўақтында қайтыс болғанлар ҳәм жарақатланғанлар саны ҳаққында еле ҳеш қандай билдириў бермеген.

Еслетип өтемиз, Ирандағы наразылық көтерилислери 2025-жыл 28-декабрь күни Тегерандағы тарийхый Үлкен базарда болып өтти. Саўдагерлер миллий валютаның сырт ел валюталарына салыстырғанда кескин төменлеўи ҳәм экономикалық қыйыншылықлардың күшейиўи себепли наразылық көтерилислерин баслады. Наразылықлар тез арада мәмлекет бойлап көплеген қалаларға тарқалды.

Әсиресе, 8-январь күни Тегерандағы наразылық көтерилислери кескин ҳәўиж алды. Тәртипсизликлер ўақтында көтерилисшилер автобуслар ҳәм тез жәрдем машиналары, 24 турақ жай имаратлары, 25 мешит, 2 емлеўхана, 26 банк ҳәм басқа да мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик имаратлар сыяқлы көплеген имаратларды өртеп, ўайран етти.

Г.Сатторова, ӨзА