Британия, Франция ҳәм Германия Гренландияға НАТО әскерлерин киргизиўди додаламақта

30

Уллы Британия ҳүкимети Франция ҳәм Германия сыяқлы Европа Аўқамы мәмлекетлери менен Гренландияға әскер жайластырыў бойынша сөйлесиў алып бармақта, деп хабар берди “The Telegraph”  дереклерге сүйенип.

Хабарда атап өтилиўинше, Европа әскерий басшылары Гренландиядағы НАТО миссиясы ушын реже ислеп шықпақта. Бул ҳүжжет атаўға әскер, кеме ҳәм әскерий самолёт киргизилиўин нәзерде тутады. Реже ҳәзирги ўақытта дәслепки басқышта екени айтылған.

Атап өтилиўинше, әскерий қатнасыўды көбейтиўден гөзленген мақсет Гренландияны Россия ҳәм Қытайдан қорғаў болып есапланады. Дереклерге бола, Уллы Британия Бас министри Кир Стармер қәўипти “жүдә қатаң” қабыл еткен ҳәм шара көриў зәрүрлигине разы болған.

Европа мәмлекетлери НАТО әскерлерин жайластырыў қарары АҚШ Президенти Дональд Трампты Гренландияны ийелеў режесинен ўаз кешиўге шақыратуғынына үмит етпекте.

Мақалада ЕА бир ўақыттың өзинде Трамп Гренландияға НАТО әскерлерин киргизиў усынысын бийкар етсе, “Google”, X, “Microsoft” ҳәм “Meta”, сондай-ақ, айырым банклер ҳәм финанс компанияларына санкция қолланыў режесин ислеп шығатуғыны да атап өтилген.

С.Раҳимов, ӨзА