Дизимге алыў илажларын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў – әҳмийетли ўазыйпа

16

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.

Оған Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов, республикамыз аймағында жумыс алып барып атырған кәрхана, министрлик ҳәм шөлкемлердиң басшылары, жуўапкер хызметкерлери қатнасты. Сондай-ақ, қала ҳәм район ҳәкимликлери, уйым ҳәм шөлкемлердиң басшылары мәжилисте Zoom платформасы арқалы онлайн қатнасты.

Онда мәмлекетимиз бойынша халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларын өткериўге санаўлы күнлер қалғанлығы айрықша атап өтилип, бул процессти белгиленген мүддетлерде, сапалы ҳәм шөлкемлестириўшилик пенен әмелге асырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Сондай-ақ, мәжилисте ҳәр бир министрлик, уйым ҳәм шөлкем басшыларына дизимге алыў илажларына пуқта таярлық көриў, жуўапкер хызметкерлерди белгилеў, зәрүр шараятларды жаратыў ҳәм белгиленген ўазыйпалардың толық орынланыўын тәмийинлеў бойынша қатаң тапсырмалар берилди. Халықтың бул процесске жедел тартылыўын тәмийинлеў, түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Мәжилис соңында дизимге алыў илажларын жоқары дәрежеде өткериў барлық басшылардың жеке жуўапкершилиги екенлиги атап өтилип, берилген тапсырмалардың орынланыўын қатаң қадағалаўға алыў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги