Иранға “дос” мәмлекетлерге АҚШтан 25 процент бажы – Қамал басланды ма?

26

Дональд Трамп Иран қатнасыўында саўда ислеген ҳәр қандай мәмлекетке АҚШ пенен барлық саўдада 25 процентлик бажы қолланылатуғынын жәриялады. Бул илаж Тегеранда даўам етип атырған наразылықларға Вашингтон жуўап илажларын ислеп шығып атырған ўақытқа туўра келди.

Трамп өзиниң социаллық тармағында “Қайсы мәмлекет Ислам Республикасы менен бизнес ислесе, 25 процент бажы төлеўи шәрт, буйрық дәрҳал күшке киреди ҳәм соңғы сөз”, – деп жазған.

Иран көп жыллардан берли Вашингтон санкциясы астында болып, нефть экспортын тийкарынан Қытайға әмелге асырады, басқа ири саўда шериклери Түркия, Ирақ, БАӘ ҳәм Ҳиндстан болып есапланады.

АҚШ қарар детальларын жәрияламаған, Ақ үй сайтында рәсмий ҳүжжет жоқ, нызамлы тийкар да келтирилмеген. Сондай-ақ, бажы сиясаты Иранның барлық шериклерине тийисли бола ма ямаса жоқ па, бул да белгисиз.

Қытай елшиханасы Трамптың қарарын кескин сынға алып, жағдайға жуўап ретинде барлық зәрүр илажлар көрилетуғынын билдирип, “ҳәр қандай нызамсыз санкция узақ мүддетли бирге ислесиўге тосқынлық” екенин мәлим етти. “Бажы ҳәм саўда урысында жеңимпаз болмайды, басым машқаланы шеше алмайды”, – деген елшихана ўәкили.

Япония ҳәм Қубла Корея да жағдай дыққат пенен бақланып атырғанын, жағдай толық анықланғаннан соң, жуўап илажлары көрилетуғынын билдирди.

Иран өткен жылы Израиль менен 12 күнлик урыс өткерген, мәмлекеттиң ядро объектлери АҚШ тәрепинен бомбаланған. Экономикалық қыйыншылық пенен байланыслы наразылықлар себепли ҳәзирги наразылық режимниң отставкасын талап етиўши кең көлемли көтерилиске айланды. HRANA ҳуқық шөлкеминиң мағлыўматына бола, 28-декабрь күни басланған көтерилисте 599 адам қайтыс болған – 510 көтерилисши, 89 қәўипсизлик хызметкери.

Ақ үй баспасөз хаткериниң атап өтиўинше, Трамп ушын дипломатия бәрқулла биринши вариант, бирақ ҳәзирги жағдайда Президент әскерий ямаса экономикалық басым, соның ишинде, бажы қолланыў мәселесин де көрип шықпақта.

Трамптың саўда сиясаты ҳәм бажы енгизиўи суд қадағалаўында болып, Жоқарғы суд бар бажылар топламын бийкарлаўы мүмкинлиги додаланбақта.

Себеби, бундай қарар Иранның ишки сиясий жағдайын және де қыйын жағдайға салыўы, халықаралық саўда ағымына тәсир етиўи ҳәм Жақын Шығыстағы геосиясий турақлылықты унамсыз тәрепке өзгертиўи мүмкин.

Мусулмон Зиё, ӨзА