Бизнеске лицензиясыз режим: 3 айға шекем айырым жумыслар менен руқсатнамасыз шуғылланыў имканияты жаратылмақта

27

Лицензия ямаса руқсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетти алыў тәртиби әпиўайыластырылмақта. “Бизнеске лицензиясыз кириў” арнаўлы режими енгизилмекте. Бул институт арқалы айырым жумыс түрлери менен 3 айға шекем лицензиясыз ямаса руқсатнамасыз шуғылланыў имканияты жаратылады. Нәтийжеде исбилерменлик субъектлери лицензия ямаса руқсатнама алмастан электрон тәризде хабардар етиў арқалы өз жумысын баслаў имканиятына ийе болады. Бул исбилерменликке кириў ҳәм жаңа бизнес басламаларды қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.

Бул тәртиплер сәўлеленген нызам жойбары парламенттиң төменги палатасының мәжилисинде көрип шығылды. Атап өтилгениндей, жойбар менен мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў системасын буннан былай да кеңейтиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде мәплер соқлығысыўының алдын алыў, бурын нызамлы имканияты болмаған әке атын балаға фамилия сыпатында бериў әмелияты енгизилмекте.

Сондай-ақ, “Өзархив” агентлиги системасын оптималластырыў, архивтиң бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасының ҳуқықый тийкарларын белгилеў нәзерде тутылмақта.

Нызам жойбарында нәзерде тутылып атырған нормалар халық ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын бизнести баслаўда артықша тәртип-қағыйдалардан өтиў процесслерин сапластырыў, архив шөлкемлериниң ҳуқықый статусы ҳәм жумысын тәртипке салыў, архив ҳүжжетлерин электрон түрде сақлаў тийкарларын жетилистириўге хызмет етеди.

Додалаўларда депутатлар айырым нормалар бойынша сораўларды ортаға таслап, нызам интакерлеринен түсиник сорады. Додалаўлардан соң нызам жойбары қабыл етилди.

 

Муҳтарама Комилова,

ӨзА