Ираклы исбилерменлер делегациясы Өзбекстанда

22

Усы күнлерде 150 ге шамалас Ирак исбилерменлеринен ибарат делегация елимизде болып тур.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы мәлимлеме хызметиниң мағлыўматына бола, делегация қурамынан Ирак саўда министри Асир Довуд Салмон ал-Ғурайрий, экономикалық кеңесиниң баслығы Иброҳим ал-Бағдодий, инвестициялар миллий комитети баслығының орынбасары Салар Муҳаммад Амин орын алған.

Ирак Республикасынан келген исбилерменлер делегациясы танысыў бағдарламасын алюминий ҳәм айна рамлар, сондай-ақ, фасад шешимлерин ислеп шығаратуғын “IMZO” заводына барыў менен баслады.

Бул кәрхана тараў бойынша ең ири кәрханалардан бири есапланатуғынын атап өтиў керек: бул жерде дерлик 2 мыңнан аслам хызметкер мийнет етеди, өндирис комплексиниң улыўма майданы болса 16 гектар. Бундай инфраструктура мәмлекетимизде тараўлық көргизбелер, презентациялар ҳәм ири исбилерменлик илажларын өткериў ушын кең имканиятлар жаратып атырғаны менен әҳмийетли болып есапланады.

Сондай-ақ, исбилерменлик сапары шеңберинде Ираклы исбилерменлер кондитер өнимлерин ислеп шығарыўшы “Krember” бренди астында жумыс алып барып атырған “Almerro Group” кәрханасына барды. Бул объект сапар етиў бағдарламасындағы екинши мәнзил болып, азық-аўқат санаатының реал потенциалын көрсетти.

Кәрхананың өндирис комплекси 8,5 гектар майданды ийелеп, үш корпустан ибарат. Комплексте мыңға шамалас жумысшы мийнет етеди. Экспорт көлеми жылына 20 миллион АҚШ долларына тең болып, өнимлер 15 мәмлекетке жеткерип берилмекте.

Сапар даўамында мийманларға азық-аўқат санааты потенциалын сәўлелендириўши улыўмаластырылған көргизбе көрсетилди. Онда 30 ислеп шығарыўшы компания қатнасып, олар тәрепинен жаратылған жумыс орынларының саны 21 500 ди қурайды. Көргизбеде қатнасқан бул компаниялардың улыўма экспорт көлеми 122 миллион АҚШ долларына тең екени атап өтилди.

Ираклы исбилерменлер үлкемиздеги кәрханалардың өндирис дәрежеси ҳәм экспорт имканиятларын жоқары баҳалап, келешекте бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм Ирак базарына өним жеткерип бериўди арттырыўға қызығыўшылық билдирди.

Ө.Алимов, ӨзА