Руқсатсыз турақ жай қурыў БЕМниң 400-450 есеси муғдарында жәриймаға себеп болады

21

Нызамсыз қурылыслардың алдын алыў, тараўдағы ҳуқықбузарлықларды азайтыў бағдарындағы илажларға қарамастан, ўәкилликли уйымлардың руқсатысыз, өзбасымшалық пенен турақ жай имаратларын қурыў жағдайлары даўам етпекте. Айырым объектлерде сейсмикалық қәўипсизлик талапларына толық әмел етилмей атыр.

Сонлықтан, имарат ҳәм объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығы және сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында мәмлекетлик қадағалаўды ҳәм басқарыўды буннан былай да жетилистириўге қаратылған нызам жойбары менен көп квартиралы турақ жайларды руқсатсыз қурғаны ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў нәзерде тутылмақта.

Бул нызам жойбары Нызамшылық палатасының мәжилисинде биринши оқыўда көрип шығылды.

Бас прокурор орынбасары Дилмурод Қосимовтың атап өтиўинше, көп квартиралы турақ жайларды руқсатсыз қурғаны ушын пуқараларға базалық есаплаў муғдарының 400 есеси, лаўазымлы шахсларға болса 450 есеси муғдарында жәрийма белгиленбекте. Бундай ҳуқықбузарлық қайтадан исленгенде, 3 жылдан 5 жылға шекем еркинен айырыў бойынша жынайый жуўапкершилик белгилеў усыныс етилмекте.

Қала қурылысы кодексинде болса “мастер реже” түсиниги қала қурылысы ҳүжжетлериниң айрықша түри сыпатында беккемленбекте. Бул ҳүжжет аймақлардың анық машқалаларын сапластырыў, қала қурылысы, социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық шешимлерди үйлестириў, сондай-ақ, аймақларды қысқа, орта ҳәм узақ мүддетли раўажландырыўды режелестириўге хызмет етеди.

Буннан тысқары, нызам жойбарында көпирлер ҳәм туннельлер, сондай-ақ, потенциал қәўипи жоқары болған объектлерди жойбарластырыў ҳәм қурыў ушын берилген лицензиялардың әмел етиў мүддетин шекленбеген ҳалда белгилеў әмелияты бийкар етилмекте.

Қурылыс-монтажлаў жумысларын баслаўда хабардар етиў тәртибинен руқсатнама бериў системасына өтиў нәзерде тутылмақта.

Бул тәртиплер қала қурылысы жумысы тараўында нызамсыз қурылыслардың алдын алыў, халықтың ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаў, қәўипсиз ҳәм сапалы турақ жайлардың қурылысын тәмийинлеў, сондай-ақ, сейсмикалық қәўипсизлик тараўына заманагөй ҳәм нәтийжели қатнасларды енгизиўге хызмет етеди.

Қызғын додалаўларда депутатлар тәрепинен бир қатар сораўлар ортаға тасланды ҳәм тийисли жуўаплар алынып, нызам жойбары қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА