Аўыл хожалығы министрлигиниң қәнигелери аттестациядан өткерилмекте

37

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 26-сентябрьдеги арнаўлы пәрманына муўапық, экономика тармақларында, соның ишинде, аўыл хожалығы тараўында аэрокосмослық мағлыўматлардан пайдаланыўды кеңейтиў, басқарыў системасын жетилистириў ҳәм кадрлар потенциалын арттырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң 2025-жыл 28-ноябрьдеги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң 2025-жыл 3-декабрьдеги арнаўлы буйрықларына тийкарланып районлық аўыл хожалығы бөлимлери хызметкерлерин аттестациядан өткериў процесслери басланды.

Аттестация процесслери тастыйықланған режеге тийкарланып өткерилип, онда хызметкерлердиң кәсиплик билимлери менен көнликпелери, лаўазым миннетлемелерин орынлаў потенциалы, заманагөй басқарыў, санлы ҳәм аэрокосмослық технологиялар бойынша билимлери ҳәр тәреплеме баҳаланады.

Сондай-ақ, аттестация процесслеринде қолланылатуғын үлги сораўнамалар Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен ислеп шығылып, белгиленген тәртипте тастыйықланған ҳәм министрликтиң рәсмий веб-сайтында жәрияланған.

Бул аттестация жумыслары аўыл хожалығы системасында профессионал кадрлар резервин қәлиплестириў, басқарыў нәтийжелилигин арттырыў, орынларда әмелге асырылып атырған реформалардың сапалы орынланыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен аттестация процесслери белгиленген мүддетлерде, ашық-айдын түрде әмелге асырылыўы тәмийинленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги