Жоқарғы суд Өзбекстанда қадаған етилген дереклер дизимин жәриялады

Жоқарғы суд рәсмий веб-сайтында суд тәрепинен экстремистлик ямаса терроршылық деп табылған ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағында жумысы қадаған етилген шөлкемлер, веб-сайтлар, социаллық тармақлар ҳәм мобиль мессенджерлердиң дизими жәрияланып келинбекте.
Жоқарғы суд мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, мәмлекетимиз аймағына алып кириў, таярлаў, тарқатыў ҳәм көрсетиў қадаған етилген дереклер ҳәм контентлер (материаллар) дизими Жоқарғы судтың рәсмий веб-сайтындағы “Ашық мағлыўматлар” рубрикасында турақлы түрде жаңаланып жәрияланып барылмақта.
Экстремизм ҳәм терроризм сыяқлы бузғыншы идеялар менен суўғарылған бундай дереклер турмыслық тәжирийбеси ҳәм диний билимлери жетерли болмаған айырым жасларға тәсир етип, олардың санасында жаўызлық, бузғыншылық сыяқлы иллетлерди қәлиплестириўи мүмкин.
Бундай бузғыншылық ҳәм ўайран етиўди үгит-нәсиятлайтуғын дерек ҳәм материалларды суд тәртибинде қадаған етиў әмелияты сырт мәмлекетлерде де кеңнен қолланылатуғынын атап өтиў керек.
Жоқарғы суд тәрепинен 2026-жыл 10-январь жағдайына бола экстремизм ҳәм терроризм идеяларын үгит-нәсиятлаўшы, деп табылған қадаған етилген дерек ҳәм контентлер дизими жаңаланды.
Бул материаллар экстремистлик идеяларды тарқатыў, зорлық-зомбылық ҳәм терроризмди ақлаў, конституциялық дүзимге ҳүжим етиў белгилери бар деп баҳаланған.
Нызамшылыққа муўапық, усы дереклерди тарқатыў, сақлаў ямаса үгит-нәсиятлаў ҳәкимшилик ямаса жынайый жуўапкершиликке себеп болыўы мүмкин.
Жоқарғы суд пуқаралар, ата-аналар ҳәм жасларды диний догматизм, экстремизм ҳәм терроризм тузағына түсип қалыўдан бәрқулла сақланыўға шақырды.
Н.Абдураимова, ӨзА