“Ўазыйпа – функция – ресурс – жуўапкершилик”: басқарыўда жаңа система енгизиледи

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2025-жылдың 6-декабрь күни мәмлекетлик хызметте басқарыў нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға қаратылған әҳмийетли пәрманға қол қойылды. Бул ҳүжжет мәмлекетлик хызмет системасын заманагөй талаплар тийкарында түп-тийкарынан жаңалаў, басқарыўда ашық-айдынлық ҳәм жуўапкершиликти күшейтиў және нәтийжелиликке бағдарланған системаны қәлиплестириўге хызмет ететуғыны менен айрықша әҳмийетке ийе.

Пәрманда мәмлекетлик басқарыўда қарар қабыл етиў ҳәм әмелге асырыў нәтийжелилигин арттырыў, инсан ресурсларын басқарыўды жаңа басқышқа алып шығыў, кадрлар потенциалын системалы түрде раўажландырыў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгилеп берилген. Ҳүжжет арқалы артықша бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў, ҳәр бир хызметкердиң жуўапкершилигин ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик хызметтиң тартымлылығын беккемлеў нәзерде тутылмақта. Бир сөз бенен айтқанда, бул пәрман “Халық мәпи – тийкарғы ўазыйпа” принципин әмелде тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли қәдем есапланады.
Пәрман менен мәмлекетлик басқарыўда “ўазыйпа – функция – ресурс – жуўапкершилик” шынжыры тийкарында нәтийжелиликти арттырыўға қаратылған анық илажларды өз ишине алған “жол картасы” тастыйықланды. Сондай-ақ, Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги жумысы ушын үш тийкарғы бағдар белгилеп берилди. Олар – мәмлекетлик уйымларда нәтийжеге тийкарланған басқарыў системасын енгизиў, аймақларда жаңа имканиятларды анықлаў арқалы басқарыў нәтийжелилигин арттырыў және мәмлекетлик уйымларда инсан ресурсларын басқарыў ҳәм раўажландырыўдан ибарат.
Пәрманда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде инсан ресурсларын басқарыў тараўында бир қатар әҳмиетли жаңалықлар нәзерде тутылған. Атап айтқанда, бос болған мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларын иелеў, яғный таңлаў процесслери жаңаша система тийкарында шөлкемлестириледи. 2026-жыл 1-марттан баслап мәмлекетлик пуқаралық хызметиндеги бар бос жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўматлар “vacancy.gov.uz” электрон платформасында жәрияланады.
Пуқаралар бул платформада “жумыс излеўши” статусында дизимнен өтип, өз қәнигелиги, лаўазымы ҳәм мийнет ҳақы талапларына сәйкес келетуғын бос жумыс орынлары менен танысыў имканиятына ийе болады. Мәмлекетлик уйымлар болса бос лаўазымларға талабанларды “vacancy.gov.uz” платформасында дизимнен өткен пуқаралар арасынан таңлаў тийкарында таңлап алады. Таңлаў басқышлары Агентлик пенен келисилген ҳалда жумыс бериўши тәрепинен белгиленеди.
Әҳмийетли тәреплерден бири – таңлаў процесслеринде талабанлардың маманлық талапларын көрип шығыў басқышын автоматластырыў, атап айтқанда, жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы инсан факторын минималластырыў болып есапланады. Бул болса қалыслық ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеўге хызмет етеди.
Пәрманға муўапық, тест нәтийжелериниң әмел етиў мүддети 6 айдан 1 жылға созылды. Бул жаңалық талабанлар ушын таңлаўларда қатнасыў имканиятларын кеңейтеди, артықша әўерегершиликти азайтады және пуқаралардың талап ҳәм тилеклерин есапқа алған ҳалда процесслерди және де қолайлы ҳәм нәтийжели етиўге қаратылған.
Кадрлар резервин жүргизиў системасы да жаңа, заманагөй тәртип тийкарында қайта шөлкемлестириледи. Бул бағдарда Агентлик ҳәм мәмлекетлик уйымлардың кадрлар резервин қәлиплестириў ҳәм жүргизиўге байланыслы функция ҳәм ўазыйпалары анық белгилеп берилмекте. Жаңа тәртипке бола, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен Миллий кадрлар резервине киргизилген лаўазымлар ушын талабанлардың дизими еркин түрде қәлиплестириледи.
Таңлаўдан өткен талабанлар тәрепинен жеке раўажланыў режелериниң орынланыўы “zaxira.bsa.uz” электрон платформасы арқалы турақлы мониторинг етип барылады. Потенциал кадрлар резервине талабанлар мәҳәлледе жумыс алып барып атырған мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторлары арасынан район (қала) ҳәкимлериниң жуўмағы тийкарында жумысшы топар тәрепинен таңлап алынады.
Соның менен бирге, Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги тәрепинен мәмлекетлик пуқаралық хызметиниң басқарыў ҳәм сиясий лаўазым топарлары ушын кадрлар резерви еркин түрде қәлиплестириледи. Мәмлекетлик уйымларда нәтийжели хызмет етип атырған, бирақ басшылары тәрепинен усыныс етилмеген талабанларды еркин анықлаў ҳәм баҳалаў арқалы оларды Миллий кадрлар резервине киргизиў механизми де енгизиледи.
Улыўма алғанда, бул Пәрман мәмлекетлик хызмет системасында инсан капиталына болған қатнасты түп-тийкарынан жаңалап, басқарыў нәтийжелилигин арттырыў, кадрларды әдил таңлаў ҳәм раўажландырыў арқалы мәмлекетлик басқарыўды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.
Илҳом Қурбонов,
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги
Экономика ҳәм инфраструктура тараўларында мәмлекетлик хызмет ҳәм басқарыў нәтийжелилигин раўажландырыў департаменти баслығы,
Экономика илимлери бойынша философия докторы (PhD)