Өзбекстан графикасындағы ең сайланды шығармалар көрсетилди

Өзбекстан Көркем өнер академиясы Икуо Хираяма халықаралық мәденият кәрўан сарайында “Өзбекстан графикасы: кеше ҳәм бүгин” атамасындағы көргизбениң ашылыў мәресими болып өтти.
Көргизбеде елимиз графикасының раўажланыўына үлкен үлес қосқан усталар М.Кагаров, Қ.Башаров, М.Содиқов, И.Вахитов, А.Ли, Г.Ли, Л.Давац, Ғ.Бойматов ҳәм ҳәзирги күнде Москвада жасап дөретиўшилик етип атырған Н.Паклардың 50 ден аслам сайланды шығармалары көрсетилди.

Илажда атап өтилгениндей, соңғы жыллар даўамында миллий графика тараўында да жүз берип атырған сезилерли илгерилеўлер ҳәм жаңаланыў процесин бақлаў қуўанышлы.
Атап айтқанда, Өзбекстан Көркем өнер академиясы тәрепинен өткерилип атырған графика көргизбелери усы көркем өнер түрине болған қызығыўшылықтың артыўы, онда дөретиўшилик етип атырған художниклердиң санының көбейиўи ҳәм улыўма есапта графика түриниң раўажланыўы менен байланыслы.

Өзбекстан заманагөй графикасы бир әсирлик тарийхқа ийе болып, XX әсир басларынан баслап қәлиплесип келген көркем дәстүрлер миллий графиканың эволюциясын белгилеп берген. Бул процеcсте тийкарғы факторлар арасында ҒМДА мәмлекетлери художниклериниң регионымызға келип, баспа ҳәм станоклы графика көркем өнери түрлерине тийисли шығармалар жаратқанын атап өтиў керек.

“Өзбекстан графикасы: кеше ҳәм бүгин” көргизбеси тамашагөйлерди, сүўретлеў өнери ықласбентлерин станоклы ҳәм баспа графика раўажланыўының соңғы 40 жыллық дәўири менен таныстырар екен, өзинде бир неше ири художниклердиң дөретиўшилигин қамтып алады.

Көргизбе тамашагөйлерге Өзбекстан аймағында раўажланған литография, линогравюра, монотиплик сыяқлы қурамалы баспа усылларында жаратылған шығармалар менен жақыннан танысыў имканиятын береди. Миллий графиканың баспа техникаларының раўажланыўы, оның көркем дәстүрлерин сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў мәселелери болса мәдений мийрасымыздың әҳмийетли ўазыйпаларынан есапланады.
Көргизбе усы жылдың 19-январына шекем даўам етеди.
Гулноза Бобоева, ӨзА