Әскерий ҳаял-қызлардың өмири – жаслар ушын үлги

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы мүнәсибети менен Жаңа Өзбекстанның раўажланыўында ҳаял-қызлардың, атап айтқанда, әскерий ҳаял-қызлардың орнын ҳәм абырайын арттырыў, жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде, “Жаңа Өзбекстанның Ўатансүйиўши ҳаял-қызлары” атамасында ашық сәўбетлесиў кешеси болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети, Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ҳаял-қызлар мәселелери бойынша жетекши қәнигеси Ҳ. Ибраимова, Арқа-батыс әскерий округи ҳаял-қызлар ҳәм әскерлердиң шаңарақлары менен ислесиў бойынша қәнигеси Г.Ҳабибуллаева, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети қәнигеси Ш.Якупова ҳәм әскерий хызметкерлерден Н.Юлдашева, III дәрежели сержант Р.Аймуратова, киши сержант Н.Тураева, III дәрежели сержант Г.Бахтыбаевналар мийманда болды.
Байрам кешесин университет ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова ашты ҳәм илаж қатнасыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлады.
Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгинги күни әскерий хызметте хызмет етип атырған ҳаял-қызлардың пидайылық мийнети, Жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызларға, соның ишинде, әскерий ҳаял-қызларға жаратылып атырған кең имканиятлар ҳаққында айрықша тоқтап өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ҳаял-қызлар мәселелери бойынша жетекши қәнигеси Ҳ.Ибраимова шығып сөйлеп, әскерий ҳаял-қызлардың Ўатан тынышлығы ҳәм парахатшылығын тынышлығын тәмийинлеўдеги мүнәсип үлесин атап өтти.
Сондай-ақ, илажда Арқа-батыс әскерий округи, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети қәнигелери ҳәм әскерий хызметкер ҳаял-қызлар қатнасып, әскерий ҳаял-қызлардың шаңарақтағы жуўапкершилиги, жас әўладты Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдағы орны, жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ҳаққында пикир-усынысларын билдирди.

Илаж жуўмағында әскерий ҳаял-қызлардың жумысын кеңнен үгит-нәсиятлаў, олардың хызметин қәдирлеў ҳәм жасларды Ўатанға муҳаббат руўхында тәрбиялаў бойынша усыныслар ортаға тасланды ҳәм студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына тараў қәнигелеринен жуўаплар алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы