Ҳуқық қорғаў уйымлары өз-ара беллести

16

14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни

Қоңырат районындағы спорт мектебинде 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен спорттың волейбол түри бойынша жарыс өткерилди.

Оған райондағы ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлеринен дүзилген командалар қатнасып, өз-ара беллести.

Жарыстың ашылыў мәресиминде район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов қатнасып, жарыс қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады ҳәм оларға әўмет тиледи.

Атап өтилгениндей, елимиз бәрқулла өзиниң мәрт, батыр жигитлери менен мақтанып келген. Жигитлеримиз ата-анасын ҳәм шаңарағын, өзи жасап атырған елдиң топырағын муқаддес билип, Ўатанын қорғаў ушын бәрқулла таяр турыўды парыз деп билген. Бул байрамның белгилениўи халқымыздың өз миллий армиясына болған шексиз ҳүрметин билдиреди.

Қызғын ҳәм маўасасыз беллесиўлерге бай өткен жарыс жуўмақларына бола 1-орынды Ишки ислер бөлиминиң, 2-орынды Айрықша жағдайлар басқармасы Қоңырат районлық бөлиминиң, 3-орынды Миллий гвардия қорғаў бөлиминиң командалары ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги