Қураллы Күшлер – халқымыздың тыныш ҳәм татыў турмысын тәмийинлеўдиң ҳақыйқый кепили

Президентимиз Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлер ҳәм динлераралық дослық ҳәм аўызбиршиликти буннан былай да беккемлеў мәселесине итибар қаратып, Қураллы Күшлердиң жаўынгерлик потенциалын арттырыў ушын барлық зәрүр илажларды әмелге асырыў зәрүрлигин атап өтти.
14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы мүнәсибети менен Сенатта шөлкемлестирилген семинарда усы ҳаққында сөз етилди.

Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы Қ.Бурҳонов кейинги жылларда елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар себепли Қураллы Күшлер мәмлекетлик ғәрезсизлик, шегаралардың қол қатылмаслығы, халқымыздың тыныш ҳәм татыў турмысын тәмийинлеўдиң ҳақыйқый кепиллигине айланып баратырғанын атап өтти.

Әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик ҳәм руўхый таярлығы үзликсиз артып бармақта. Миллий армиямыз жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда мәртлик ҳәм абырай мектебине айланды. Ең әҳмийетлиси, халық пенен армияның жақынласып атырғаны әскерий тараўдың раўажланыўына жаңаша күш ҳәм сапа бағышламақта.

Сенаторлар миллий армиямыздың елимиздиң тынышлығын, ғәрезсизлигин ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги орны және заманагөй қәўип-қәтерлер шараятында жоқары нызам шығарыўшы уйымның жаратылған ҳуқықый тийкарларын жетилистириў бағдарындағы жуўапкершилигин айрықша атап өтти.
Сондай-ақ, қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң естелигине, Екинши жер жүзилик урыс жылларында фашизмге қарсы гүресиўде қатнасқан ўатанласларымыздың өлмес мәртлигине терең ҳүрмет-иззет билдирилди.
ӨзА