Фелтинг усылында сүўрет салыў технологиясы үйретилди

Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында Әмелий пәнлер ҳәм мектептен тысқары тәлим методикасы кафедрасы тәрепинен сүўретлеў өнери ҳәм сызыў пәни курсы тыңлаўшылары ушын “Фелтинг усылында сүўрет салыў технологиясы: дәстүрий ҳәм заманагөйлик” атамасында шеберлик сабағы шөлкемлестирилди.
Онда Қазақстан Республикасы Жайҳун қарақалпақ этно-мәдений бирлеспесиниң баслығы, Қазақ миллий дизайн академиясының академиги, Евродизайн аўқамының ағзасы Т.Салиева қатнасып, тыңлаўшылар ушын Фелтинг (жүн басыў) технологиясы бойынша әмелий мастер-класс өткерди.
Шеберлик сабағының тийкарғы мақсети – тыңлаўшыларды әмелий көркем өнерге кеңнен тартыў, қол мийнетине болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм олардың дөретиўшилик потенциалын раўажландырыўдан ибарат.
Мастер-класс процесинде фелтинг техникасының тийкарғы түрлери, соның ишинде, ығал ҳәм қурғақ Фелтинг усыллары менен таныстырылып, оларды әмелиятта қолланыў имканияты жаратылды.
Сабақ даўамында жүн менен ислеў қағыйдалары, материалларды дурыс таңлаў, реңлер үйлесимлилигин тәмийинлеў ҳәм форма бериў техникасы бойынша түсиниклер берилди.




Қатнасыўшылар өз қоллары менен әпиўайы безеў буйымларын ҳәм сувенирлерди таярлап, әмелий көнликпелерин беккемледи ҳәм дөретиўшилик жумыс пенен шуғылланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги