Жыл жуўмағы додаланып алдағы ўазыйпалар белгиленди

22

Қарақалпақстан Республикасы Экологиялық партия шөлкеми Кеңесиниң мәжилиси болып өтти.

Оған Жоқарғы Кеңес ҳәм Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, партия Кеңесиниң, “Экология ҳәм саламатлық” ҳаял-қызлар клубының ағзалары ҳәм “Жас экологлар” қанатының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Экологиялық партия шөлкеминиң баслығы А.Бегимованың 2025-жылдағы жумыс нәтийжелери бойынша есабаты тыңланды ҳәм 2026-жылда әмелге асырылатуғын жумыслар режеси додаланды.

Атап өтилгениндей, есап бериў дәўиринде партияның шөлкемлестириўшилик потенциалын беккемлеў, халықты партия қатарына кеңнен тартыў ҳәм орынлардағы жумысты күшейтиў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылды. Усы дәўир ишинде 137 басланғыш шөлкем шөлкемлестирилди ҳәм 8 612 пуқара партия ағзалығына қабыл етилди.

Өзбекстан Экологиялық партиясы жумысында жасларды партия жумысларына тартыў, олардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин және экологиялық сана-сезими менен мәдениятын арттырыў тийкарғы бағдарлардан бири болды.

Партия жанында шөлкемлестирилген “Жас экологлар” клубы тәрепинен жыл даўамында 205 үгит-нәсият илажлары өткерилип, оларға 6658 жас қамтып алынды.

Партия жанындағы “Экология ҳәм саламатлық” ҳаял-қызлар клублары тәрепинен 177 үгит-нәсият илажы өткерилип, 4 мың 512 ҳаял-қыз ҳәм жаслар тартылды.

Үгит-нәсият жумыслары партия жумысының тийкарғы бағдарларынан бири болып, жыл даўамында жәми 1077 илаж шөлкемлестирилди. Бул илажларға 34 мыңнан аслам пуқара тартылды.

Экологиялық жағдайды үйрениў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў мақсетинде республика бойлап 410 экологиялық рейд өткерилди. Рейдлер даўамында елатлы пунктлер ҳәм социаллық объектлердиң әтирапындағы экологиялық жағдайлар үйренилди.

Сондай-ақ, экологиялық нызамшылықтың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде 207 жәмийетлик тыңлаў ҳәм қадағалаў илажлары шөлкемлестирилди.

Депутатлар тәрепинен халықтың мәпи, экологиялық машқалаларды шешиў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленип, жыл даўамында 199 депутатлық сораў жиберилди.

Кеңес ағзалары тәрепинен, 2026-жылға мөлшерленген жумыслар режеси додаланып, онда “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги илажлар, экологиялық үгит-нәсиятлаў жумыслары, халық пенен ислесиў ҳәм депутатлық жумысын және де жеделлестириў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Мәжилис жуўмағында билдирилген пикир-усыныслар тийкарында тийисли қарарлар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги