Коррупцияға жол қойыў – реформаларымызға қыянет

Мүнәсибет
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған гезектеги Мүрәжаты елимиз раўажланыўының жаңа басқышын белгилеп берди. Бул Мүрәжатта әсиресе, елимиздиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын коррупция иллетине қарсы гүресиў мәселелелерине айрықша итибар қаратылған.
Әлбетте, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билдирилген ҳәр бир баслама бәринен бурын инсан қәдири, жәмийеттиң турақлылығы ҳәм мәмлекеттиң келешегин тәмийинлеўге қаратылғаны менен айрықша әҳмийетке ийе.
Президентимиз «Мәмлекетимизде Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2026-жылда “айрықша жағдай” жәриялаймыз: Барлық уйымларда коррупцияға қарсы жаңа қадағалаў системасы енгизиледи. Тәкирарлап айтаман. Коррупция – мәмлекеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын, әдиллик ҳәм нызам үстинлигин изден шығаратуғын, жәмийетте исеним орталығын төменлететуғын ең аўыр қәўип. Коррупцияға жол қойыў болса – реформаларымызға қыянет болып есапланады, деп атап өтти.
Онда мәмлекетлик уйымлардағы коррупцияны ҳәм нызамбузыўшылықларды сапластырыў мақсетинде Комплаенс хызметиниң жумысына үлкен итибар қаратылып, Президент Администрациясының Комплаенс хызмети бул системаны 1-январьдан баслап барлық мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде иске қосып, жылаўды беккем қолға алыў тапсырылды.
Комплаенс хызметиниң жумысына тосқынлық еткенлер – коррупцияға шерик, деп баҳаланады. Лаўазымына қарамастан, парахорлық ҳәм өз мәпине пайдаланыўшылық бойынша ҳәр бир жағдай бойынша Президент Администрациясы Комплаенс хызмети жеке түрде Президентимизге мәлимлеме киргизип барады.
Және бир әҳмийетли жаңалық, барлық уйымларда комплаенс ҳәм коррупцияға қарсы ишки қадағалаўға жуўапкер орынбасар лаўазымы енгизиледи ҳәм есап палатасының ўәкили жумысы жолға қойылады. Оларға системадағы ҳадал емес шахсларды анықлаў, сондай-ақ, бюджет қаржыларының талан-тараж етилиўи ҳәм лаўазымынан пайдаланыў жағдайларының алдын алыў бойынша тәсиршең қадағалаў орнатыў ҳәм Президент алдында есап бериўи ўазыйпасы белгиленди.
Мәселе қатаң екен, Мүрәжатнамада атап өтилгениндей, мәмлекеттиң ҳәр бир сум қаржысы, ресурсы бойынша жеке жуўапкершилик күшейтиледи. “Лаўазымым, атағым бар, маған ҳеш ким тиймейди”, дегенлер қәтелеседи. Нызам алдында ҳәмме тең! Ишки ислер, прокуратура, салық, бажыхана, қаржы, банк, ири мәмлекетлик компаниялар, министрликлер ҳәм ҳәкимликлер, бир сөз бенен айтқанда, бирде-бир уйым ҳәм шөлкем қадағалаўдан шетте қалмайды.
Коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты избе-из даўам еттириў, мәмлекетимиздиң халықаралық рейтинги ҳәм индекслериндеги позициясын және де жақсылаў және Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң жумысын жаңа басқышқа көтериў мақсетинде Президентимиздиң 2025-жыл 30-декабрьдеги “Өзбекстан Республикасында коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў ҳаққында”ғы пәрманының қабыл етилиўи мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиўди артқа қайтпайтуғын жаңа басқышқа алып шығады, десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Пәрманда коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўдиң 2030-жылға шекемги тийкарғы бағдарлары көрсетилген.
Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүресиўдиң профессионаллық ҳәм нәтийжели системасын шөлкемлестириў, коррупцияның ақыбетлери менен гүресиўден коррупциялық факторларды ерте анықлаў ҳәм превентив механизмлерди енгизиў арқалы системалы коррупциялық жағдайлардың алдын алыў, санлы технологиялар, соның ишинде, жасалма интеллектти енгизиўди ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыўды кеңейтиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында ашық-айдынлық сиясатын избе-из даўам еттириў ҳәм турақлы жетилистирип барыў ўазыйпалары көрсетилген.
Пәрман менен “Коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге қаратылған илажлар” режеси тастыйықланғанын атап өтиў орынлы.
Коррупция факторларын анықлаў ҳәм сапластырыўдың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигине коррупцияға қарсы гүресиў тараўында превентив механизмлерди енгизиўге қаратылған бир қатар төмендеги қосымша ўазыйпалар да жүкленди.
Атап айтқанда, коррупцияның алдын алыў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде бирден-бир ҳуқықты қолланыў әмелиятын қәлиплестириў ҳәм методикалық жәрдем көрсетип барыў, коррупцияға қарсы Миллий сертификатластырыў менеджмент системасын енгизиў, әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди коррупцияға қарсы экспертизадан өткериў ҳәм олардағы коррупция қәўип-қәтерлерин сапластырыў, “E-qaror” системасында қабыл етилетуғын ҳүжжетлерди жәриялаўда ашық-айдынлыққа байланыслы нызамшылыққа әмел етилиўин қадағалаў, халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын жойбарлар бойынша қарарлар қабыл етиўде коррупциялық факторлар, соның ишинде, мәплердиң соқлығысыўын анықлаў ҳәм алдын алыў ҳәм басқа да ўазыйпалар белгиленген.
Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң хызметкерлерине олардың ўазыйпалары ҳәм функциялары менен байланыслы болмаған тапсырмалардың жүклениўине жол қойылмайтуғынын, сондай-ақ, усы ишки қадағалаў бөлимлериниң хызметкерлерин интизамий жуўапкершиликке тартыў Агентлик пенен келисилген ҳалда әмелге асырылатуғынын ҳәм ишки қадағалаў бөлимлериниң хызметкерлери мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң өз қаржылары есабынан реже-кестеге тийкарланып арнаўлы оқыў курсларында оқытылатуғынын атап өтиў керек.
Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң жуўапкер лаўазымларына юриспруденция, экономика, қаржы, салық, аудит, системалы таллаў, менеджмент ямаса мәлимлеме технологиялары қәнигеликлери бойынша жоқары мағлыўматқа ийе қәнигелер қабыл етиледи.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бир пүтин системаны шөлкемлестириў мақсетинде Коррупцияға қарсы гүресиў Агентлиги, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымлары, илимий мәкемелер, коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының турақлы бирге ислесиўине тийкарланған Коррупцияның алдын алыўдың бир пүтин системасы яғный, Коррупцияның алдын алыў кластери енгизиледи.
Коррупцияның алдын алыў кластери шеңберинде ҳуқық қорғаў уйымлары Агентликти коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлар бойынша тергеўге шекемги тексериў, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў процесинде анықланған коррупциялық факторлар ҳәм жүзеге келиўи мүмкин болған қәўип-қәтерлер бойынша аналитикалық ҳәм статистикалық мағлыўматлар менен тәмийинлейди.
Есап палатасы, Мәмлекетлик финанслық қадағалаў инспекциясы тәрепинен финанслық қадағалаў ҳәм аудитти әмелге асырыўда мәмлекетлик сатып алыўлар, мәплердиң соқлығысыўы, финанслық қәўип-қәтерлер бойынша өткерилген таллаўлар ҳәм үйрениў нәтийжелери менен мәлимлеме системасы арқалы танысыў имканиятын жаратады. Ал, илимий мәкемелер коррупцияға қарсы гүресиў тараўында илимий таллаўларды әмелге асырып, илимий тийкарланған шешимлерди ислеп шығады ҳәм маманлық арттырыў бағдарламаларын шөлкемлестиреди.
Мәмлекетлик басқарыў тараўларының жумысын санластырыў арқалы коррупциялық қәўип-қәтерлерди минималластырыў бойынша “Санлы комплаенс” мәлимлеме бағдарламалық комплекси 2026-жылдың 1-июль сәнесинен баслап сынақ режиминде иске қосылады. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системаларын Программалық комплекс пенен интеграциялаў арқалы Агентлик жумысын мәлимлеме менне тәмийинлеў имканияты жаратылады. Программалық комплекстиң “E-Komplaens” модулин иске қосыў арқалы коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң жумысы толық санластырылады.
Республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары тәрепинен қабыл етилген ҳүжжетлерди ” E-qaror ” электрон системасында тийкарсыз түрде жәрияламаў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққындағы нызамшылықты бузыў деп есапланатуғынын ҳәм жуўапкершиликке тартылатуғынын атап өтиў керек.
Және бир әҳмийетли жаңалық, Агентликте коррупциялық қәўип-қәтер дәрежеси жоқары болған ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды санластырыў, соның ишинде, мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында коррупцияға қарсы автоматластырылған қадағалаў системасын енгизиўге жуўапкер болған “Қәўип-қәтер анализи орайы” шөлкемлестириледи.
Агентлик ҳәм коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң жумысын қоллап-қуўатлаў илажларын жетилистириў бойынша агентликке жүкленген ўазыйпаларды толық, сапалы ҳәм нәтийжели әмелге асырыўға байланыслы мағлыўматларды толық ямаса бир бөлегин бермеў ямаса надурыс мағлыўматларды усыныў, зәрүр мәлимлеме системаларын интеграциялаўға тийкарсыз қарсылық көрсетиў Коррупцияға қарсы гүресиў Агентликтиң нызамлы жумысына тосқынлық етиў деп баҳаланады.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер орайлық аппаратының коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлерине система шөлкемлерине нызам бузылыў жағдайларының алдын алыў бойынша көрип шығылыўы мәжбүрий болған көрсетпе ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслар киргизиў ҳуқықы бериледи.
Коррупциялық ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар берген шахсларды мийнет жумысында қуўдалаў, зорлық етиў жағдайларынан қорғаў мақсетинде, Агентлик тәрепинен қорғаў ордерин усыныў әмелияты енгизиледи.
Атап өтиў керек, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўге мүнәсип үлес қосқан мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери және белсенди пуқараларды хошаметлеў мақсетинде “Коррупцияға қарсы гүресиўге қосқан үлеси ушын” көкирек белгиси шөлкемлестириледи ҳәм 9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни алдынан сыйлықлаў әмелге асырылады.
Коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған әҳмийетли ҳүжжеттиң қабыл етилиўи елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында 2017-жылы басланған коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың избе-из даўамы болды. Бул сиясат мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүресиўдиң профессионал ҳәм нәтийжели системасын шөлкемлестириў, коррупцияға маўасасыз қатнасты қәлиплестириў, мәплер соқлығысыўына жол қоймаў, коррупциялық факторларды ерте анықлаў ҳәм превентив механизмлерди енгизиў, санлы технологиялар, жасалма интеллектти енгизиў және ашық-айдынлық сиясатын избе-из даўам еттириўде үлкен әҳмийетке ийе.
Б.Матмуратов,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги