Салық есабатында жәриймалар қысқартылды

Исбилерменлер ушын салық есабатын өз ўақтында усынбағаны ушын қолланылатуғын ҳәкимшилик жәрийма муғдарлары азайтылды. Бул ҳаққында Салық комитети мәлим етти.
Атап өтилиўинше, 2026-жыл 1-январьдан баслап, егер исбилермен есап бериў дәўиринде бир неше салық түрлери бойынша есабатларды усынбаған болса, барлық усынылмаған есабатлар ушын улыўма бир жәрийма қолланылады. Бурын ҳәр бир салық есабаты ушын өз алдына жәрийма белгиленген еди.
Соның менен бирге, салық есабатын өз ўақтында тапсырмағаны ушын белгиленген ҳәкимшилик жәрийма муғдарлары да қысқартылды. Пуқаралар ушын – 3 БЕМнен 1 БЕМге (412 мың сум), киши исбилерменлик субъектлериниң лаўазымлы шахслары ушын – 10 БЕМнен 3 БЕМге (1 236 000 сум) қурайды.
Әмелдеги нызамшылыққа муўапық, киши исбилерменлик субъектлери категориясына жеке тәртиптеги исбилерменлер, микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар киреди.
Буннан тысқары, соңғы 3 ай даўамында салық есабатларын өз ўақтында тапсырған исбилерменлик субъектлерине ҳәкимшилик жәрийма қолланылмастан салық есабатын 5 күнге шекем кешиктирип усыныўға руқсат берилди.
Ш.Маматуропова, ӨзА