ҚМУ ректоры Япониялы профессор менен ушырасты

Японияның абырайлы жоқары оқыў орынларынан бири – Осака университетиниң профессоры, «National Geographic» жәмийетиниң координаторы Кен Ито Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып, бул жерде университет ректоры Бердияр Жоллибеков пенен ушырасты.
Ушырасыў даўамында тәреплер жоқары билимлендириў ҳәм илим тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, атап айтқанда, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарында қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин додалады. Профессор Кен Ито келешекте Қарақалпақстан аймағында экологиялық машқалалар болған климат өзгериўи, қурғақшылықты үйрениў ҳәм биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаўға қаратылған халықаралық экологиялық жойбарларда бирге ислесиўге таяр екенин билдирди. Сондай-ақ, ушырасыўда еки университет арасында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслардың академиялық мобиллигин тәмийинлеў, өз-ара тәжирийбе алмасыў, қысқа ҳәм узақ мүддетли стажировкалар, қоспа илимий изертлеўлер және семинар ҳәм баянатлар шөлкемлестириў мәселелери бойынша өз-ара пикирлести.
Бул бағдарда бар имканиятлар ҳәм перспективалы бағдарлар додаланып, келешектеги бирге ислесиў бойынша усыныслар билдирилди.
Ректор Бердияр Жоллибеков Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратып атырғанын, әсиресе, экология, турақлы раўажланыў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўларында жетекши сырт ел жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў университет жумысының тийкарғы бағдарларынан бири екенин атап өтти.




Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди турақлы даўам еттириў, қоспа басламаларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў ҳәм келешекте анық жойбарлар шеңберинде бирге ислесиў байланысларын беккемлеў бойынша келисип алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги