Бирге ислесиў жумыслардың нәтийжели болыўына мүмкиншилик бермекте

Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў хызметиниң тийкарғы ўазыйпаларына сырт еллердиң базарларына мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўши исбилерменлер менен шөлкемлердиң жумыслары нәтийжели болыўына жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, ыссыханаларда фитосанитариялық атыз қадағалаўын өткериў, жерден пайдаланыўшылар ҳәм исбилерменлерге қолайлықлар жаратыў ҳәм сыртқы базарларға бәсекиге шыдамлы өнимлер жеткерип бериў көлемин арттырыў мақсетинде үгит-нәсият, түсиник жумысларын алып барыў, ғәлле майданларында жабайы шөп, қурт-қумырысқа, шырынжаларға ҳәм басқа да кеселликлер менен зыянкеслерге қарсы гүресиў, экспортқа жарамлы өнимлерди жетистириўге әмелий жәрдем көрсетиў жумыслары киреди.
Биз Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң баслығы Ринат Шербаев пенен сәўбетлесип, өткен жылғы нәтийжелер бойынша қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.
– Ринат Тәўекелович, дәслеп агентлик тәрепинен әмелге асырылған тийкарғы жумыслар ҳәм ерисилген нәтийжелерге тоқтап өтсеңиз.
– Агентлик тәрепинен 2025-жыл даўамында аўыл хожалығы егислик майданларында 5 мәрте “әҳмийетли күнликлер” илажлары жәрияланып, 1 миллион гектардан аслам майданда, соннан фермер хожалықларына тийисли 919,7 мың гектарлық жерде мәмлекетлик инспекторлар тәрепинен атыз мониторинги-қадағалаў жумыслары өткерилди.
Бағлар, жүзим атызлары, тийкарғы ҳәм тәкирарый овощ егилетуғын егислик майданларында ҳәм 53,0 мың гектарлық бийдай, 80,0 мың гектарлық пахта атызларында зыянкеслерге (шыбын-ширкей, жабайы шөп ҳәм кеселликлер) қарсы шөлкемлескен түрде гүресиў (IPM – Integrated Pest Management) системасын қолланыў бойынша 80 семинар өткерилди. Соның ишинде, билимлендириў мәкемелеринде де семинарлар өткерилип, илажлар даўамында тыңлаўшыларға шыбын-ширкейлерге (шыбын-ширкей, жабайы шөп ҳәм кеселликлер) шөлкемлескен түрде қарсы гүресиў бойынша түсиник беретуғын флайерлер тарқатылды.
Агросанаат өнимлеринде ушырасатуғын зыянлы организмлерге қарсы гүресиўге жақыннан әмелий жәрдем көрсетиў мақсетиндек 172 хызметкер ҳәр бир мәҳәллеге атпа-ат бириктирилди. Жерден пайдаланыўшылар ҳәм исбилерменлерге зыянлы организмлерге қарсы гүресиў бойынша “Agroko‘makchi” мобиль қосымшасында 51 егин түрин өз ишине алған IPMлерден “Uyg‘unlashgan kurash” бәнтине кирип пайдаланыў усыныс етилмекте.
Жеке меншик сектор тәрепинен өсимликлерди қорғаў бойынша хызметлердиң көлемин кеңейтиў мақсетинде 64 биолаборатория ҳәм 41 (3 жаңа) өсимликлер клиникаларының жумысына жақыннан әмелий жәрдем көрсетилди. Биолабораториялар тәрепинен жыл даўамында 52 сапа сертификаты ҳәм минерал төгинлер және химиялық қураллар (пестицидлер) саўдасы менен шуғылланыўшы исбилерменлер (өсимлик клиникалары) тәрепинен бул жумысты лицензиялаў талаплары ҳәм шәртлери бойынша усыныс ҳәм түсиниклер берилиўи нәтийжесинде 27 лицензия алынды.
Хожалықларда биолабораториялардың мәўсимлик шақапшаларының саны 60 қа, халықтың қыйтақ жерлерине хызмет көрсетиўши отрядлардың саны 123 ке жеткерилди.
– Усы биолабораториялардың нәтийжелери қандай болмақта?
– Биолабораториялар тәрепинен жыл даўамында 482,3 миллион дана алтынкөз, 750 килограмм трихограмма, 434,2 миллион дана бракон өними жетистирилип, жәми 1 миллион 217,0 мың гектарлық бийдай, пахта, овощ, мийўели бағ ҳәм басқа да аўыл хожалығы егислик майданларына тарқатылды. 58 биолабораторияға 5,07 млрд. сум аванс қаржыларының ажыратылыўына жәрдем берилди. Сондай-ақ, 2092 халықаралық үлгидеги ҳәм 131427 ишки фитосанитария сертификаты, 7273 транспорт бирлигин ашыў ҳәм карантин тексериў акти, 1195 зыянсызландырыў акти электрон түрде рәсмийлестирилди. Республикамыздағы барлық карантин хызметлери тәрепинен 1121 импорт бойынша карантин руқсатнамасы тийкарында карантин астындағы өнимлердиң импорты тәмийинленди.

– Сырт мәмлекетлердиң базарларына мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиў нәтийжелери қай дәрежеде?
– Қарақалпақстан Республикасында жетистирилген өнимлердиң экспорты 44334 мың тонна, Қарақалпақстан Республикасындағы сыртқы экономикалық жумыс ҳәм шегара постлары тәрепинен рәсмийлестирилген ҳүжжетлерге тийкарланып өсимликлер карантини қадағалаўы астындағы өнимлердиң импорты 97,285 мың тонна, 2 117 дана, 279,053 мың м.куб.ты қурайды.
Экспортта 31 өним үлгилери экспертизадан өткерилип, карантин объектлери анықланбаған. Ал, импорт етилип атырған өсимликлер карантини қадағалаўы астындағы өнимлерде карантин илажларының қолланылыўы, қайтарылыўы ямаса жоқ етилиўи илажлары қолланылмады.
76,72 мың гектар майданда зыянлы шегирткеге қарсы химиялық гүресиў илажлары өткерилди. Соннан “Италия пруси” түрине қарсы 28 682,2 гектар жерде, “Сексеўил” түрине қарсы 38 847,8 гектар жерде ҳәм “жергиликли” түрине қарсы 9 190,0 гектар жерде химиялық гүресиў илажлары өткерилди. 5 түрдеги өнимниң экспорты бойынша 9 кәрхананы Қытайдың реестрине киргизилиўин тәмийинлеў илажлары көрилип, нәтийжеде 5 кәрхана тәрепинен 4 түрдеги өним экспортын Қытай Халық Республикасына әмелге асырыў имканияты жаратылды.
Өним жетистириўши, жыйнаўшы, таярлаўшы ҳәм экспортёрлардың қатнасыўында 29 аўыл хожалығы кооперативлери шөлкемлестирилди.
“Edukarantin.uz” платформасында кооперативлердиң 35 ағзасы мийўе-овощ өнимлерин экспортқа сапалы таярлаў оқыў бағдарламасы бойынша “онлайн” оқытылды.
Карантин агентлигиниң “Agroko‘makchi” мобил қосымшасында экспортқа жарамлы мийўе-овощ өнимлерин жетистириўден сырт елли тутыныўшыға жеткерип бериўге шекемги процесслерди өз ишине алған мағлыўматлар турақлы түрде жаңаланып, жерден пайдаланыўшылар ҳәм исбилерменлерге жеткерип барылмақта.
– Зыянлы организмлер көбейиўиниң ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша өткерилип атырған илажларға тоқтап өтсеңиз.
– Усы мақсетте жаңа “Атыз қадағалаўы” электрон системасы жаратылды. Онда тийкарғы түрдеги 48 зыянкести (шыбын-ширкейлер ҳәм 8 түрли кеселлик) 10 күн алдын илимий тийкарда анықлаў системасы, яғный фенокалендарлар усынылып барылыўы енгизилди. Бул нәрсе инспекторларға ҳәм арнаўлы билимге ийе болмаған жер ийелери ушын қағаз көринисиндеги әдебият ҳәм қолланбаларсыз зыянкеслердиң ҳәм кеселликлердиң қайсы басқышта екенлигин анықлап, қарсы гүресиў илажларын алдыннан белгилеўде жәрдемши ўазыйпасын атқарады.


Атыз шетлеринде ҳәм коллектор-дренажлардың әтирапларында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди шөлкемлестириўди муўапықластырыў бойынша республикалық, аймақлық ҳәм районлық жумысшы топарлар шөлкемлестирилип, 2656 фермер хожалығының 913 гектарлық атызларының шетлерине 963 мың дана ҳәм каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы 101 гектарлық майданға 109 мың түп мийўели терек нәллери егилди.
Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.
Сәўбетлескен: Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги