«Ибратлы судья» сыйлығы тапсырылды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 7-декабрьдеги «Судьялардың шын мәнисинде еркинлигин тәмийинлеў және суд системасында коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен системада ашық-айдынлықты тәмийинлеў, сондай-ақ, әдил судлаўды әмелге асырыўда үлгили жумыс ислеп атырған судьяларды хошаметлеўди жолға қойыў мақсетинде, ҳәр жылдың жуўмағына бола, елимизде өз жумысында айрықша өрнек көрсетип, жоқары рейтинг көрсеткишлерине ийе болған судьяларға “Ибратлы судья” сыйлығы тапсырылып келинбекте.
Президентимиздиң бул пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, судьялардың жумысларының нәтийжелилигин ашық-айдын баҳалаў бойынша миллий электрон рейтинг баҳалаў бағдарламасы иске түсирилди. Бул электрон система инсан факторын кескин шеклеўдиң есабынан судьялардың жумысларын ашық түрде ҳәм ең әҳмийетлиси қалыс баҳалаў мүмкиншилигин жаратты. Нәтийжеде 2025-жылдың жуўмағы бойынша, Судьялар Жоқарғы Кеңесиниң қарары менен елимиздеги 14 судья усындай сыйлыққа ылайық деп табылды. Бундай жоқары ҳүрметке ийе болғанлар арасында Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Асқар Сафаровтың да бар екенлиги айрықша мақтанышлы.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген сыйлықлаў мәресиминде, бул сыйлық Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы Камал Тарихов тәрепинен өз ийесине салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Мағлыўмат ушын, бүгинги күни мәмлекетимиз бойынша “Ибратлы судья” сыйлығы менен сыйлықланған судьялардың саны 82 ге жетти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги