Белсенди жасларға ҳәм олардың ата-аналарына миннетдаршылық хатлары тапсырылды

11

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Нөкис қаласында жаслар менен ушырасты.

Бул ашық сәўбетлесиў жаслардың пикир ҳәм басламаларын тыңлаў, оларды қызықтырған мәселелер бойынша тиккелей сәўбетлесиў мақсетинде шөлкемлестирилип, ушырасыў даўамында жаслар өзлерин қызықтырған түрли мәселелер бойынша еркин пикир алысып, усыныс ҳәм басламаларын билдирди.

Ушырасыўда Министрлер Кеңесиниң Баслығы мәмлекетимизде жасларға жаратылған кең имканиятлар, олардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи, бәнтлиги, исбилерменлик пенен шуғылланыўы ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға ҳәр тәреплеме тоқтап өтти. Ушырасыў ашық, конструктивлик ҳәм көтериңки руўхта өтти.

Ушырасыўда 2025-жыл даўамында өзиниң белсендилиги, интакерлиги ҳәм үлгили жумысы менен ажыралып турған, ең үлгили жаслар жетекшилери “Топ-100” дизимине киргизилген жаслар ҳәм олардың ата-аналарына миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.


Бул тән алыў жасларды және де белсенди болыўға шақырыў, ата-аналардың перзентлер тәрбиясындағы жуўапкершилигин тән алыў, сондай-ақ, жаслар менен ашық пикирлесиўди жолға қойыў, олардың жәмийетлик турмыстағы орнын беккемлеў ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп алыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги