Ҳадаллық, әдиллик ҳәм ашық-айдынлық: Коррупцияның алдын алыўдағы тийкарғы факторлар

2

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жәмийеттиң раўажланыўына үлкен қәўип туўдырыўшы иллетлерден бири – коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерине бағышланған “Коррупция келешекке қәўип” атамасында ушырасыў ҳәм үгит-нәсият илажы болып өтти.

Онда Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бөлим баслығы Азамат Қыдырниязов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң ҳуқықый мәлимлеме секторы баслығы Нурия Бердиниязова, жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының тергеў судьясы Дәўлетяр Сражатдинов, сондай-ақ, университеттиң профессор-оқытыўшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлер қатнасты.

Илажды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Бердияр Жоллыбеков ашып берди.

Ол өзиниң сөзинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында коррупцияға қарсы гүресиў баслы бағдарлардың бири етип белгиленгенлигин, бул иллетке қарсы гүресиў бүгинги күни тек ғана мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири емес, ал, ҳәр бир пуқараның пуқаралық миннети екенин айтып өтти. Соның менен бирге, билимлендириў шөлкемлеринде ҳадаллық, әдиллик, ашық-айдынлық ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў коррупцияның алдын алыўдағы әҳмийетли фактор екенин айрықша атап өтти.

Ушырасыў даўамында тараў қәнигелери тәрепинен коррупцияның келип шығыў себеплери, оның социаллық-экономикалық ақыбетлери, сондай-ақ, коррупциялық жағдайлардың алдын алыў бойынша әмелдеги нызамшылық нормалары ҳәм жуўапкершилик илажлары бойынша ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди. Илаж соңында қатнасыўшылар тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиўде билимлендириў шөлкемлериниң орны, профессор-оқытыўшылардың жуўапкершилиги ҳәм жаслар санасында ҳадаллық принциплерин беккемлеў мәселелери бойынша пикирлести. Өткерилген ушырасыў коррупцияға қарсы гүресиўде ҳуқықый билимди арттырыў ҳәм жәмийетте саламат орталықты қәлиплестириўге хызмет ететуғыны менен әҳмийетли болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги