Балалардың әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятларын тәмийинлеўде қандай илажлар көрилмекте?

2

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Демократиялық институтлар ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў мәселелери комитети тәрепинен Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил – Балалар омбудсманының “Балалардың әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятларын тәмийинлеўдиң айырым мәселелери ҳаққында”ғы арнаўлы баянаты көрип шығылды.

Елимизде балаларды қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың жумысында баланың ең баслы мәплерин тәмийинлеў бағдарында белгили бир илажлар әмелге асырылып келинбекте.

Соның менен бирге, балалардың әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятларын тәмийинлеў тараўында бар қәўип-қәтерлердиң алдын алыў, халықаралық стандартларды миллий нызамшылыққа нәтийжели енгизиў жумысларын избе-из даўам еттириў әҳмийетли ўазыйпа есапланады.

Баянатта Балалар омбудсманы тәрепинен парламентлик қадағалаў шеңберинде өткерилген мониторинглер, сондай-ақ, пуқаралардан, соның ишинде, жас өспирим балалардың өзинен келип түскен мүрәжатларды таллаў тийкарында жынаят ислерин жүргизиўге ҳәр қыйлы процессуаллық статуста тартылған балалардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеўде бир қатар машқалалардың бар екенлиги көрсетип өтилди.

Атап айтқанда, әдил судлаў системасында жас өспиримлерге байланыслы жынаят ислери бойынша тергеўши ҳәм судьяларды қәнигелестириў зәрүр екенлиги айтылды. Жынаят ислерин жүргизиўде жас өспиримлерди қамақта сақлаў әмелияты, Балалар омбудсманы жумысына байланыслы нызам талапларының орынланыўы, сондай-ақ, жас өспиримлердиң жынысый еркинлигине қарсы жынаятлардың алдын алыў системасында анықланған айырым машқалалы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.

Додалаўлар даўамында комитет ағзалары тәрепинен арнаўлы баянатта балалардың әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик илажлар, жынаят ислерин жүргизиўде баланың нызамлы мәплерин исенимли тәмийинлеў, балаларға қарата исленген жынаятлардың алдын алыў бойынша бир қатар пикир-усыныслар билдирилди.

М.Комилова, ӨзА