Жаслардың билим ҳәм кәсип-өнерге болған умтылысын арттырыўдағы жаңа қәдем

2

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 8-сентябрьдеги “Мектептен тысқары билимлендириўди жаңа басқышқа алып шығыў ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып, “Бәркамал әўлад” балалар мектеплери базасында “Келешек” орайлары шөлкемлестирилмекте.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы “Келешек орайы” директоры Р.Ташимов, орай хызметкерлери ҳәм оқыўшылардың ата-аналарына қарардың әҳмийети ҳәм орайдағы имканиятлар бойынша кең түрде түсиник берди.

Келешекте бул орайда 7 бағдарда 23 дөгерек ашыў режелестирилип, оқыўшы жасларға қосымша билим ҳәм кәсип-өнер үйретиў жолға қойылады.

Илаж соңында бир қатар белсенди оқыўшылардың ата-аналарына Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги