Жәрдемге мүтәж шаңарақларға 1,2 триллион сумлық бир мәртелик жәрдем берилди

Мүтәж шаңарақларға электр энергиясы бойынша айына базалық нормадан артық 150 кВт/саатқа шекем, сондай-ақ, тәбийғый газ бойынша жылытыў мәўсиминде 250 куб метрге шекем (жылытыў мәўсиминен тысқары айлар ушын 150 куб метрге шекем) артық пайдаланылған бөлеги ушын базалық норма шеңбериндеги ҳәм базалық нормадан артық болған тарифлер арасындағы айырмашылық компенсация етип берилмекте.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги мағлыўматларына бола, 2025-жыл 1-майдан баслап электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыў бойынша базалық нормадан артық пайдаланған 562,9 мың жәрдемге мүтәж шаңараққа жәми 41,6 миллиард сум компенсация пулы төлеп берилди.
Соннан, электр энергиясы ушын – 30 миллиард сум, тәбийғый газ ушын – 11,6 миллиард сум ажыратылды.
Сондай-ақ, 2024-2025-жылғы жылытыў мәўсими даўамында электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ тутыныўы бойынша базалық нормадан артық пайдаланған 207 мың 962 жәрдемге мүтәж шаңараққа жәми 23,3 миллиард сум компенсация қаржылары төлеп берилген.
Буннан тысқары, 2025-жыл ноябрь айында да 1 миллион 161 мыңнан аслам жәрдемге мүтәж шаңарақларға 1,2 триллион сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетилди.
Ажыратылған материаллық жәрдемлер есабынан пуқаралар жылытыў мәўсими ушын көмир резервин жаратыў, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын төлемлерди әмелге асырыў имканиятына ийе болды. Бул болса жәрдемге мүтәж халықтың қәрежетлерин азайтыўға хызмет етпекте.
Ш.Маматуропова, ӨзА