Сарбиназ шахмат бойынша ең жас FIDE спорт шебери

8

Халықаралық шахмат федерациясы (FIDE) тәрепинен мәмлекетимиздиң қәбилетли шахматшысы Сарбиназ Бегмуратоваға ҳаял-қызлар арасында FIDE спорт шебери атағы берилди.

Сарбиназ бул атақты 12 жасында қолға киргизип, Өзбекстан шахматы тарийхында ҳаял-қызлар арасындағы ең жас FIDE спорт шебери сыпатында тарийхқа кирди.

Мағлыўмат ушын айтар болсақ, 2019-жылы және бир қәбилетли шахматшымыз Умида Аманова 13 жасында усы атаққа ерискен еди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы