Шығындылар хызмети ушын халықтың дебитор қарыздарлығы 622,7 миллиард сумнан асты

12

Бул ҳаққында Шығындыларды басқарыў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыў агентлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Хабарда атап өтилиўинше, 2025-жылдың жуўмақларына бола, халық тәрепинен шығындыларды алып шығып кетиў хызметлери ушын есапланған төлемлердиң 90 проценти төлеп берилди, сондай-ақ, 200 миллиард сумнан аслам реал емес дебитор қарыздарлық системадан шығарылды.

Шығындыларды алып шығып кетиў хызметлери ушын халықтың дебитор қарыздарлығы 622,7 миллиард сумды қурайды.

Өткен жылы “Таза мәкан” бирден-бир электрон биллинг системасы иске қосылды. Бул система Бирден-бир портал мағлыўматлар базасы менен интеграцияланыўы арқалы реал емес дебитор қарыздарлықтың пайда болыўының алды алынды.

Атап айтқанда, әмелде көрсетилмеген хызметлер ушын есапланған 211,9 миллиард сумлық реал емес дебитор қарыздарлық электрон системадан шығарылды.

2025-жыл 31-декабрь жағдайына бола, көрсетилген хызметлер ушын халыққа есапланған 1 триллион 454 миллиард сумлық төлемлердиң 1 триллион 304 миллиард сумы ямаса 90 проценти төлеп берилген.

Өткен жылдан баслап, қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў ушын төлемлер бойынша қарыздарлық бар болса, қарыздарлық толық қапланғанға шекем электр энергиясы ушын төлем қабыл етиў ўақтынша тоқтатылады.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, 2026-жыл 1-январьдан баслап шығындылар менен байланыслы хызметлер ушын төлемлер тек ғана әмелде көрсетилген хызметлер ушын онлайн тәризде әмелге асырылады.

Ш.Маматуропова, ӨзА