Электрон коммерция қатнасықлары және де жетилистириледи

18

Бүгинги күнде санлы технологиялар жедел раўажланып, электрон коммерция мәканы кеңейип бармақта. Сонлықтан, бул бағдардың ҳуқықый тийкарларын жетилистириў зәрүр.  

Нызамшылық палатасының Инновациялық раўажланыў ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети тәрепинен электрон коммерция тараўын жетилистириўге қаратылған нызам жойбарын додалаўға бағышланған жумысшы топар мәжилиси өткерилди.

Екинши оқыўға таярланып атырған бул нызам жойбары электрон коммерцияның ашық-айдын экосистемасын жаратыў, электрон коммерция платформалары ҳәм сервислерин жедел раўажландырыў, экономикадағы жасырын айланыслар көлемин қысқартыў, электрон коммерция қатнасықларындағы экономикалық мәселелерди буннан былай да жетилистириўге қаратылған.

Мәжилисте тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, сиясий партиялар фракцияларының ағзалары қатнасыўында нызам жойбары ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Ондағы айырым нормалар депутатлар тәрепинен берилген усыныслар тийкарында жетилистирилип, жойбар тексти пуқта жағдайға келтирилмекте.

ӨзА