Мүрәжат нефть-газ тараўында реформаларды тереңлестириўге кең жол ашпақта

24

Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған гезектеги Мүрәжатында мәмлекет экономикасының стратегиялық тармақларын избе-из раўажландырыў, соның ишинде, нефть-газ тараўын модернизациялаў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди. Бул ҳүжжетте алға қойылған тийкарғы бағдарларды орынларда кеңнен үгит-нәсиятлаў, олардың мазмун-мәнисин мийнет жәмәәтлерине терең жеткериў ҳәм әмелий орынлаўға бағдарлаў мақсетинде тараўда бир қатар шөлкемлестириўшилик-әмелий илажлар өткерилмекте.

“Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийети системасындағы “Өзлитинефтьгаз” акционерлик жәмийетинде өткерилген руўхый-ағартыўшылық илаж да олардан бири болып есапланады.

Илажда Олий Мажлис Сенатының Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң баслығы Эркин Гадоев, Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институты ҳәм “Өзбекнефтьгаз” АЖның Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў департаменти ўәкиллери қатнасты.

Семинарда мәмлекетимиз басшысының Мүрәжатында белгилеп берилген тийкарғы бағдарлар, реформалардың мәниси ҳәм олардың нефть-газ тараўындағы әҳмиети ҳәр тәреплеме талланды.

Атап айтқанда, нефть-газ тармағында өндирислик қуўатлықларын арттырыў, жаңа кәнлерди өзлестириў, заманагөй ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў, инвестициялық орталықты буннан былай да жақсылаў және ири инвестициялық жойбарларды нәтийжели әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, локализациялаў процесслерин кеңейтиў, ишки базар талапларын қанаатландырыў ҳәм импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыўды раўажландырыў ўазыйпалары додаланды.

Семинар даўамында кадрлар потенциалын арттырыў, тараўда маман қәнигелер таярлаў, жас кадрларды қоллап-қуўатлаў ҳәм илимий-изертлеў жумысларын өндирис пенен үзликсиз байланыстырыў мәселелери де күн тәртибинен орын алды. Қатнасыўшылар бул ўазыйпалар нефть-газ тараўының турақлы раўажланыўы, бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм экономиканың стратегиялық тармақларынан бири сыпатында оның орнын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Илаж жуўмағында Президент Мүрәжатында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша әмелий илажларды күшейтиў, тараўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелеринде системалы жумысларды даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА