Жаңа раўажланыў басқышында жоқары билимлендириўдиң орны

13

Республикамыз бойлап мәмлекет турмысында үлкен әҳмийетке ийе болған сиясий ҳүжжет – Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың мазмун-мәнисине бағышланған үгит-нәсият илажлары болып өтпекте.

Усындай илажлардың бири Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәжилислер залында Өзбекстан Халық демократиялық партиясының басламасы менен өткерилди. Онда партияның жергиликли шөлкемлериниң басшылары ҳәм хызметкерлери, пленум ҳәм атқарыў комитетиниң ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслериндеги партия топарларының ағзалары, партия белсендилери, жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илаж даўамында Президент Мүрәжатында белгиленген мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, социаллық әдилликти тәмийинлеў, инсан қәдирин улығлаў, мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлық ҳәм нәтийжелиликти күшейтиўге қаратылған тийкарғы ўазыйпалар ҳәр тәреплеме додаланды.

Сондай-ақ, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, бәнтлик, социаллық қорғаў ҳәм социаллық кепилликлер тараўларында белгиленген бағдарларды турмысқа енгизиўде Өзбекстан Халық демократиялық партиясының парламент ҳәм жергиликли Кеңеслер дәрежесиндеги әмелий қатнасыўы мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

– Мүрәжаттың мазмун-мәниси менен бәринен бурын халық мәплерине хызмет ететуғын, анық нәтийжеге бағдарланған реформалар дәўирине киргенимизди және бир мәрте тастыйықлады. Бул процессте сиясий партиялардың, атап айтқанда, Өзбекстан Халық демократиялық партиясының орны ҳәм жуўапкершилиги айрықша әҳмийетке ийе. Онда социаллық қорғаўды күшейтиў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықты дәраматлы етиў, мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жаңа мийнет базарын қәлиплестириў сыяқлы тийкарғы бағдарлар белгилеп берилди. Бул ўазыйпалар Халық демократиялық партиясының бағдарламалық мақсетлери ҳәм социаллық бағдарланған сиясий позициясы менен тығыз байланыслы, – дейди Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының басшысы Халилла Ешимбетов. – Усы мәниде партияның тийкарғы ўазыйпасы Мүрәжатта белгиленген бағдарларды орынларда дурыс түсиндириў, халыққа жеткериў ҳәм оларды әмелге асырыў процесинде белсене қатнасыўдан ибарат. Бул, бәринен бурын, партия депутатлары арқалы жергиликли кеңеслерде анық усыныслар киргизиў, социаллық әҳмийетке ийе қарарлар қабыл етилиўинде интакер болыўды талап етеди.

Илаж қатнасыўшылары Мүрәжатта белгиленген ўазыйпаларды орынларда нәтийжели әмелге асырыў, халық пенен ашық-айдын пикирлесиўди күшейтиў, жәмийетлик қадағалаў механизмлерин раўажландырыў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.


Илаж жуўмағында Президент Мүрәжатында белгиленген ўазыйпаларды турмысқа енгизиўде партия шөлкемлериниң белсендилигин арттырыў, жәмийетшилик пенен бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бойынша анық усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги