Судларда ашық-айдынлықты кеңнен тәмийинлеў арқалы әдиллик орнатылыўына тийкар жаратылмақта

14

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында суд-ҳуқық системасын халыққа жақынластырыўға қаратылған жумыслар избе-из даўам еттирилетуғыны атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы Бахтиёр Исломов бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып берди:

– Мәмлекетимиз басшысы әдил судлаў процесин “санлы суд” концепциясы тийкарында шөлкемлестириўге кирисилгенин айрықша атап өтти. Ҳақыйқатында да, суд тараўына санлы технологиялардың кеңнен енгизилип атырғаны пуқаралар ҳәм исбилерменлерге оғада үлкен қолайлықлар жаратты. Судқа онлайн мүрәжат етиў, судта онлайн қатнасыў, онлайн хабарнама алыў, онлайн мәсләҳәттен пайдаланыў сыяқлы қолайлы усыллар адамлардың қаржысы, ўақтын үнемлеўге жәрдем бермекте.

Енди тергеўди де санластырыў арқалы инсан ҳуқықлары қорғалыўының күшейтилиўи мүрәжатта атап өтилди. Онда, жынаят ҳаққындағы арзаны қабыл етиўден баслап, исти судқа өткериўге шекемги басқышларға жасалма интеллект технологиялары енгизиледи ҳәм инсан факторы қысқартылады.

Елимизде тергеў судьялары жумыс баслағаны – халықаралық тән алынған “Хабеас корпус” институтын қолланыўдың гезектеги әҳмийетли басқышы болды. Тергеў судьяларына санкция ҳәм мәжбүрлеў шараларын өзгертиў ҳәм бийкарлаў ўәкилликлери де бериледи. Әдил судлаўды әмелге асырыўда жәмийетшиликтиң қатнасыўы ҳәм роли арттырылады.

Енди жынаят процесине инглис ҳуқықындағы мәмлекетлерде унамлы нәтийже берген “халық ўәкиллери коллегиясы” институты басқышпа-басқыш енгизиледи. Онда, оғада аўыр ҳәм жәмийетте шаўқымға себеп болып атырған жынаятлар жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында көрип шығылыўы суд ҳүкиминиң және де әдил болыўына хызмет етеди.

Бир сөз бенен айтқанда, судларда ашық-айдынлықты кеңнен тәмийинлеў арқалы әдиллик орнатылыўына беккем тийкар жаратылмақта.

Суд-ҳуқық системасындағы стратегиялық реформалардың нәтийжесин тәмийинлеўде жаңа редакциядағы Конституция нормалары ҳәм принциплери шешиўши әҳмийетке ийе екенин айтып өтиў керек. Тийкарғы нызамның суд ҳәкимиятына бағышланған 11-статьясында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге асырылыўы, суд ҳәкимиятының ҳуқықлары менен миннетлемелери, суд қарарларының ҳәмме ушын мәжбүрийлиги, судья ҳәм шаңарақ ағзаларының қәўипсизлигин тәмийинлеў сондай-ақ, судлардың жумысын қаржыландырыў сыяқлы 30 дан аслам әҳмийетли конституциялық нормалар беккемленди.

Инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў кепилликлери, соның ишинде, “Хабеас корпус” ҳәм “Миранда қағыйдасы” улыўма тән алынған институтларын конституциялық дәрежеде беккемлеў арқалы сезилерли дәрежеде күшейтилди.

Бас нызамымызда Конституция нормаларының тиккелей әмел етиўи белгиленгени суд ҳәкимиятының еркинлигин тәмийинлеў ҳәм әдил судлаў системасын демократияластырыўда әҳмийетли ҳуқықый тийкар сыпатында хызмет етпекте.

Атап айтқанда, бул бағдарда Жоқарғы суд пленумының “Әдил судлаўды әмелге асырыўда Өзбекстан Республикасы Конституциясының нормаларын тиккелей қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.

2023-жыл 1-майдан ҳәзирги күнге шекем судлар тәрепинен 426 мыңнан аслам ис ҳәм материалларда жаңа редакциядағы Конституция нормалары тиккелей қолланылды.

Суд-ҳуқық системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм тараўдың ҳуқықый тийкарларын жедел раўажландырыўға қаратылған шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар нәтийжесинде 300 ден аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары, соның ишинде, 200 ге шамалас нызам жойбары ислеп шығылды.

Нәтийжеде суд системасына байланыслы 60 тан аслам нызам, пәрман ҳәм қарар қабыл етилди. Судлардың финанслық еркинлиги күшейтилди.

Суд ислерин жүргизиўде жаңа институтлар киргизилди, барлары жетилистирилди. Жынаят процесинде жарасыў институты кеңейтилди. Жынаят иси бойынша дәслепки тыңлаў, пуқаралық ҳәм экономикалық судларда судқа шекемги мәжилис, әпиўайыластырылған тәртипте ис жүргизиў, медиация институтлары енгизилди.

Инсан ҳуқықларын суд арқалы қорғаў системасы избе-из жетилистирилмекте. Атап айтқанда, жынаят исин жүргизиўде инсаныйлық принциплери тийкарында “Хабеас корпус” институтын және де кеңнен енгизиў мақсетинде тергеў судьялары институты әмелиятқа енгизилди.

Ҳәкимшилик судларда лаўазымлы шахслардың қарарлары үстинен берилген шағымларды көрип шығыў системасын жетилистириў арқалы суд қадағалаўын қолланыў тараўын кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириў коньцепциясы қабыл етилди.

Шаңарақты беккемлеў, ҳаял-қызлардың нызамлы мәплерин жүзеге шығарыў және пуқаралық ислери бойынша районлараралық судларда шаңарақлық келиспеўшиликлерди көриўге қәнигелескен судьялар корпусын қәлиплестириў мақсетинде “Шаңарақ судьялары” шөлкемлестирилди.      Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 21-августтағы “Судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў ҳәм суд системасының материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы суд-ҳуқық реформаларының избе-из даўамы болды.

Усы тийкарда судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм санластырыў процесслери жеделлестирилмекте. Заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда суд ислерин толық электрон көриниске өткериў арқалы толық қағаз түринен ўаз кешиў, жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда пуқаралар ушын интерактив хызметлердиң түрлерин кеңейтиў үстинде жумыс алып барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы жақында қол қойған “Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм заманагөй санлы технологияларды енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында”ғы пәрман менен белгили бир ис бойынша суд тәрепинен қолланылған нызамның Конституцияға муўапықлығын қайта көрип шығыў, Конституциялық судқа Жоқарғы суд тәрепинен мүрәжат киргизилиўи жағдайы судта тийисли ис бойынша ис жүргизиўди тоқтатыўға тийкар болыўы сыяқлы қағыйдалар белгиленди. Бул Жоқарғы суд пенен Конституциялық суд арасындағы өз-ара бирге ислесиўдиң ҳуқықый кепилликлерин және де беккемледи.

Мәселениң әҳмийетли тәрепи сонда, енди суд әмелиятында ушырасып атырған ҳәм жумбақ болып қалып атырған тартыслы мәселелерди шешиўде бул әмелияттан пайдаланылады.

Булардың барлығы әдил судлаўға ерисиўге, жәмийетте әдиллик орнаўына, пуқаралардың бузылған ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң тиклениўине хызмет етеди.

ӨзА хабаршысы

Норгул АБДУРАИМОВА жазып алды