Арқа-батыс әскерий округинде «Үш әўлад ушырасыўы» болып өтти

11

Ишки ислер тараўында узақ жыллар хызмет еткен нураный хызметкерлер менен «Үш ǝўлад ушырасыўы»н өткериў дǝстүрге айланған. Арқа-батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизонында Ўатансүйиўшилик айлығы шеңберинде өткерилген ушырасыў усы ийгиликли мақсетлердиң үзликсиз даўамы болды.

«Халық пенен армия бир тән бир жан» сүрени астында өткерилген илажда өз тараўында үлкен тǝжирийбеге ийе устазлар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары, Қураллы Күшлер қатарында хызмет етип атырған офицер ҳәм әскерлер қатнасты.

Елимиздеги тынышлық, жаслардың тǝлим-тǝрбиясы ушын жаратылған шараятлар ҳǝм олардан нǝтийжели пайдаланыў бойынша зǝрүрли усыныслар берилди. Əлбетте бундай ушырасыўлар жасларда ўатансүйиўшилик, ҳүрмет, меҳир-мүриўбет сыяқлы сезимлерди қǝлиплестириў, жасы үлкенлердиң турмыслық тǝжирийбесинен сабақ алыў мақсетин қамтып алып, усы арқалы ǝўладлар арасында аўызбиршилик ҳәм тилеклеслик беккемленеди.

«Үш ǝўлад ушырасыўы»нда нураныйлар өз дǝўириндеги қыйыншылықлар, хызметтеги машаққатлар ҳǝм нураныйлық дǝўиринде мǝмлекетимиз басышысы тǝрепинен көрсетилип атырған ҳүрмет ҳаққында тоқтап, өзлериниң пикирлерин билдирди, турмыслық тǝжирийбелери менен бөлисти. Елимизде реформаларды ǝмелге асырыўда Президентимизге қол қанат болыў кереклиги сǝўбеттиң бас темасына айланды.

Илаж даўамында жаслар тәрепинен берилген сораўларға ҳәр тәреплеме жуўаплар берилди. Бул болса қатнасыўшыларға бир-бирин және де жақсырақ түсиниў, армияға болған исеним ҳәм ҳүрметти беккемлеў имканиятын берди. Сондай-ақ, Ўатансүйиўшилик руўхындағы қосықлар, нама-қосықлар ҳәм сахналық көринислер илажға айрықша пайыз бағышлады.

Жуўмағында белсене қатнасқан ветеранлар ҳәм әскерий хызметкерлер миннетдаршылық жарлықлары менен сыйлықланды. Барлық қатнасыўшылар бундай ушырасыўлар жаслардың санасында саламат дүняқарасты қәлиплестириў, халық ҳәм армия бирлигин буннан былай да беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги