Жаслар менен ислесиўдиң жаңа механизмлери додаланды

21

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында жаслардың тәлим-тәрбиясы, олардың билимин жетилистириў, заманагөй кәсип-өнер ийелеўи ҳәм руўхый жетиклигин тәмийинлеў бойынша белгиленген баслы ўазыйпаларды додалаўға арналған семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға институт факультетлери деканларының жаслар менен ислесиў бойынша орынбасарлары, ҳаял-қызлар мәсләҳәтшилери, тьюторлар, профилактикалық инспекторлар, психологлар, Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң жуўапкерлери қатнасты.

Илажда институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қувондиқ Қодиров Мүрәжатта жаслар менен ислесиў системасын жетилистириў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, билимли, кең ой-өрисли, интәкер ҳәм Ўатанға садық жасларды тәрбиялаўға бағдарланған әҳмийетли ўазыйпаларға кең түрде тоқталды.

Атап айтқанда, билимлендириў процесин халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириў, заманагөй илимий-техникалық табыслардан нәтийжели пайдаланыў, санлы көнликпелерди раўажландырыў, илим менен өндиристиң интеграциясын күшейтиў сыяқлы бағдарлар бойынша пикир алысты.

Семинарда жаслардың руўхый дәрежесин көтериў, оларды жат идеялардан қорғаў, саламат турмыс тәризине кеңнен тартыў, ҳуқықый сана ҳәм мәдениятты жетилистириў бойынша системалы жумысларды буннан былай да күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў, ҳадаллық принциплерин сиңдириў, жуўапкершиликли ҳәм социаллық белсенди шахс сыпатында камалға келтириў бағдарындағы ўазыйпалар айрықша көрсетип өтилди.

Илаж даўамында институтта жаслар менен ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыў, тәлим-тәрбия процесин жетилистириў, қәбилетли студентлерди қоллап-қуўатлаў, илимий изертлеўлер ҳәм басламаларды хошаметлеў бойынша анық режелер белгилеп алынды.

Семинар соңында Президент Мүрәжатында алға қойылған ўазыйпаларды институт турмысы ҳәм билимлендириў процесине басқышпа-басқыш енгизиў, жаслардың мәплерине хызмет ететуғын әмелий басламаларды кеңейтиў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги