Уллы Британия интернетте фастфуд рекламасын пүткиллей қадаған етти

13

Уллы Британияда фастфуд ҳәм зыянлы тағамлар рекламаларына шеклеўлер күшке кирди.

5-январьдан баслап Британия телевидениесинде фастфуд рекламасына тек 21:00 ден кейин руқсат бериледи, интернетте болса пүткиллей қадаған етиледи. Илаж балаларды денсаўлық ушын зыянлы аўқатланыў үгит-нәсиятлаўдан қорғаўға қаратылған.

Шеклеўлер қурамында қумшекер, май ҳәм дуз муғдары жоқары болған 13 категориядағы өнимлерге тийисли. Атап айтқанда, қосымша қумшекер қосылған ишимликлер (соның ишинде, йогуртлар), чипслер, дузлы крекерлер ҳәм печеньелер, мәкке жармалары ҳәм басқа да қумшекерли “таяр” азанғы аўқатлар, попкорн, шоколад, саққыз, музқаймақ, қумшекерли, пицца ҳәм музлатылған тағамлар усылардың қатарына киреди.

Атап өтилиўинше, мектептиң биринши класына өткен балалардың 22 проценти артықша салмаққа ийе, питкериўшилер арасында болса бул көрсеткиш 35 проценттен артады. Көбинесе 5 жастан 9 жасқа шекем болган балалар надурыс аўқатланыў себепли стоматологиялық машқалалар себепли емлеўханаларга жатқарылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги