Қурама Штатлар халықаралық шөлкемлер ҳәм БМШ структураларынан шықпақшы
АҚШ Президенти Дональд Трамп Қурама Штатлар онлаған халықаралық шөлкемлерден, БМШ қурамындағы структуралардан, соның ишинде, климат бойынша әҳмийетли шәртнамадан, гендер теңлиги ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықы менен имканиятын кеңейтиў мақсетинде жумыс алып баратуғын уйымнан шығып кететуғынын жәриялады. Америка жетекшисиниң пикиринше, бундай мәкемелер “АҚШ миллий мәпине қайшы ҳәрекет етеди”.
Бул ҳаққында “Reuters” агентлиги хабар тарқатқан. Трамптың тийисли пәрманы барлық федерал агентликлерден БМШ жанындағы 31 ҳәм және 35 түрли шөлкемлерде қатнасыў, белгили бир жойбарлар қаржыландырылыўына шек қойыўды талап етеди.
Бизге белгили, Трамп БМШ ҳәм басқа да халықаралық структуралардың нәтийжелилиги, қәрежети ҳәм жуўапкершилигин бир неше мәрте сораўға қойған, бундай жумыс көбинесе мәмлекети раўажланыўына хызмет етпейтуғынын атап өткен. Бир жыл алдын екинши мәрте басқарыўға келгенде, ол өткен ўақыт даўамында БМШқа ажыратылатуғын қаржыны азайтыўға ҳәрекет етти. Соның ишинде, Американың Инсан ҳуқықлары кеңесиндеги қатнасыўын тоқтатты, мәденият шөлкеми – ЮНЕСКОдан шықты. Сондай-ақ, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм Париж климат келисиминен де шығыў режесин жәриялады.
Бул дизимге Саўда ҳәм раўажланыў бойынша конференция, Халықаралық энергетика форумы, Дәстүрий қураллар реестри ҳәм Тынышлықты тиклеў комиссиясы да киргизилген.
Г.Сатторова, ӨзА