Саудия сырт еллилер ушын капитал базарын ашады

Саудия Арабстаны Патшалығы сырт ел инвесторларының мәмлекет фонд базарына кириўине қойылған шеклеўди бийкар етпекте.
Капитал тартыў бойынша ҳәрекетти раўажландырыў мақсетинде Саудия мәмлекет тарийхындағы ең ири финанс базарын либералластырыў басламасын алға қойды.
Атап айтқанда, Капитал базары басқармасы тәрепинен маман сырт ел инвесторы режими бийкар етилмекте. Усы жыл 1-февральдан барлық сырт ел инвесторлары “Tawadul” фонд биржасында сатылатуғын акцияларды сатып алыўы мүмкин.
Ҳәзирге шекем тек ғана 500 миллион доллар муғдарында басқарыў активине ийе ири сырт ел инвесторлары усы биржаға кире алған.
“Gulf news” хабарына бола, “Tawadul” фонд индексиниң улыўма көрсеткиши өткен жылы 13 процент төменледи. Сол себепли рәсмийлер халықаралық көлемде капитал тартыў арқалы саўда жумысын күшейтиў нийетинде.
Г.Сатторова, ӨзА