Кем тәмийинленген шаңарақларға электр ҳәм газ ушын компенсация енди онлайн ажыратылады

9

Коммуналлық хызметлердиң баҳалары базар принциплери тийкарында қәлиплесип атырған бир ўақытта халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясатта тийкарғы ўазыйпа болып қалмақта. Усы мақсетте кем тәмийинленген шаңарақлар ушын электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ қәрежетлерин қаплаўға қаратылған компенсация механизмлери және де жетилистирилди.

Жаңа тәртипке бола, енди жәрдемге мүтәж халық мәмлекетлик компенсацияны алыў ушын онлайн тәризде мүрәжат етиў имканиятына ийе болады. Бул пуқаралар ушын қолайлық жаратыў, мәмлекетлик хызметлерди санластырыў ҳәм артықша қағазпазлықты азайтыўға хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 31-декабрьде қабыл етилген “Кем тәмийинленген шаңарақларды жанылғы-энергетика тараўында қоллап-қуўатлаў тәртибин жетилистириў ҳаққында”ғы қарарына муўапық, жанылғы-энергетика тараўында халықты социаллық қоллап-қуўатлаў системасы қайта көрип шығылды. Усы қарар менен 2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ тутыныўының базалық норма шеңбериндеги және нормадан асқан бөлеги ушын төленетуғын компенсацияларды тайынлаў тәртиби белгилеп берилди.

Атап айтқанда, Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигине Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте 2026-жыл 1-февральға шекем компенсация тайынлаў бойынша онлайн арза қабыл етиў системасын енгизиў ўазыйпасы жүкленди. Соның менен бирге, бул мәмлекетлик хызметти көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти де тастыйықланды.

Компенсация алыў тилегинде болған пуқаралар ҳәр айдың 16-санына шекем төмендеги усыллар арқалы мүрәжат етиўи мүмкин. Мәмлекетлик хызметлер орайына ямаса ўәкилликли уйымға тиккелей мүрәжат етиў, шаңарақ жасайтуғын мәҳәллеге бириктирилген социаллық хызметкер арқалы, “Бирден-бир миллий социаллық қорғаў” мәлимлеме системасы ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы еркин түрде мүрәжат етиўи мүмкин.

Егер өткерилген үйрениў нәтийжесинде шаңарақ Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген деп табылса, кейинги айдан компенсация тайынлаў ҳаққындағы қарар автомат түрде қәлиплестириледи ҳәм шаңарақ төлем дизимине киргизиледи.

Шаңарақ реестрге киргизилмеген болса, оның турақ жай ҳәм автотранспорт қураллары бар екенлиги, сондай-ақ, жан басына туўра келетуғын дәраматының минимал тутыныў қәрежетлериниң 1,5 есесинен артпағаны қосымша тәртипте баҳаланады.

Төмендеги жағдайларда компенсация бериўден бас тартылады. Шаңарақтың жан басына дәраматы белгиленген нормадан жоқары болса, мүлкте биреўден артық көшпес мүлк ямаса жер участкасы бар болса, белгиленген мүддеттен кем ислеп шығарылған автотранспорт ямаса арнаўлы техникаға ийелик етсе, шаңараққа алдын компенсация тайынланған болса компенсация бериўден бас тартылады.

Компенсация қаржылары Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен қәлиплестирилген дизимлер тийкарында АК “Халық банки” арқалы пуқаралардың социаллық ямаса банк карталарына өткерип бериледи. Төлемлер арза берилген айдан кейинги айдың 27-сәнесине шекем әмелге асырылады.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, бул компенсациялар электр энергиясы ҳәм газ тарифлери арттырылған 2024-жылдан баслап енгизилген болып, тутыныўдың социаллық нормасынан артық пайдаланған кем тәмийинленген хожалықларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

Ш.Маматуропова,

ӨзА