Ерте неке емес, жетиклик жәмийетти жоқарылатады

18

Өзбекстан социаллық сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири – ҳаял-қызлардың ҳуқықларын, аналар ҳәм балалардың саламатлығын қорғаў, жаслардың раўажланыўы ушын шараят жаратыў. Усы мақсетте, Олий Мажлис Сенатының жигирма биринши жалпы мәжилисинде қабыл етилген Шаңарақ кодексине киргизилген өзгерис, яғный еркеклер ҳәм ҳаял-қызлар ушын неке жасын 18 жас етип белгилеў заман талапларына сәйкес, халықаралық стандартларға муўапық қәдем болды.

Нызам жойбарын ислеп шығыў процесинде сырт еллерде неке жасының белгиленген жағдайы да үйренилген. Соның ишинде, Россия, Армения, Тәжикстан, Әзербайжан, Украина, Франция, Германия ҳәм Филиппинде неке жасы ерлер ҳәм ҳаяллар ушын он сегиз жас етип белгиленген.

Бул ҳуқықый жаңалық ҳаял-қызлардың денсаўлығын қорғаў, ерте неке ҳәм ерте туўыў менен байланыслы унамсыз ақыбетлердиң алдын алыў, жаслардың билим алыўы ҳәм шахс сыпатында қәлиплесиўи ушын зәрүр шараят жаратыўға қаратылған. Бирақ, неке жасын нызам менен белгилеў мәселеси тек ғана ҳуқықый шеңбер менен шекленип қалмаўы керек. Бул мәселе терең социаллық, руўхый ҳәм психологиялық тәреплерге де ийе. Әсиресе, жаслардың физикалық ҳәм руўхый жетиклиги, турмыслық тәжирийбеси, еркин пикирлеўи ҳәм кәсиплик таярлығы усы қарардың әмелий нәтийжелерин белгилейтуғын әҳмийетли факторлардан.

Бүгинги глобалласыў ҳәм бәсеки күшейген дәўирде жаслар алдында тек ғана шаңарақ қурыў емес, ал еркин турмысқа таярлық көриў, билим алыў, кәсип ийелеў, жәмийетте өз орнын табыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар да тур. Әсиресе, қызлар ушын жоқары билимлендириў, кәсиплик маманлыққа ийе болыў тек ғана жеке раўажланыў емес, ал келешекте беккем ҳәм турақлы шаңарақ қурыўдың да әҳмийетли факторы.

Тилекке қарсы, әмелиятта университетке кириўден ямаса студентликтиң дәслепки жылларында турмысқа шығыў жағдайлары елеге шекем ушырасып турады. Бул болса көплеген қурамалы машқалаларды келтирип шығарыўы мүмкин. Студентлик – билим алыў, өз үстинде ислеў, еркин пикирлеўди қәлиплестириў дәўири. Шаңарақ жуўапкершилиги, үй машқалалары, перзент тәрбиясы менен бир ўақытта билим алыў көпшилик ҳаял-қызлар ушын физикалық ҳәм руўхый жақтан оғада аўыр болады.

Нәтийжеде, билимлендириўдиң сапасы төменлейди, қызлардың илимий ҳәм кәсиплик потенциалын толық көрсетиўине тосқынлық пайда болады. Ең ашынарлысы, бул жағдай жәмийетте ҳаял кадрларға болған мүнәсибетке де унамсыз тәсир көрсетеди. Яғный, “Ҳаял-қыз бәри бир оқыўды ақырына жеткермейди”, “Кәсиплик жақтан турақлы бола алмайды” деген надурыс стереотиплер күшейиўине себеп болады. Заманагөй жәмийеттиң раўажланыўын билимли, еркин пикирлейтуғын ҳәм кәсибине садық ҳаял кадрларсыз көз алдымызға келтирип болмайды.

Медициналық изертлеўлер де соны көрсетеди, ана болыў ушын ең жақсы дәўир шама менен 20-34 жас аралығы болып табылады. Усы жас дәўиринде ҳәмиледарлық нәтийжелери көплеген изертлеўлерде салыстырмалы унамлы болып, физикалық ҳәм репродуктив саламатлық орталығы да қолайлы есапланады. Мағлыўматларға қарағанда, 20-30 жас аралығында туўыў ҳәм ҳәмиледарлық пенен байланыслы қәўип факторлары, мәселен, гепатитлер, гипертония ҳәм гестацион диабет сыяқлы кеселликлер салыстырмалы түрде аз ушырасады. Қалаберди, усы жас аралығында перинатал саламатлық көрсеткишлери де жақсы болады.

Мәмлекетимизде ерлер ҳәм ҳаял-қызлар ушын неке жасының 18 жас етип белгилениўи ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеў, ана ҳәм бала саламатлығын қорғаў, сондай-ақ, халықаралық ҳуқық нормаларына бейимлесиў жолындағы әҳмийетли ҳәм тарийхый қәдем болды. Бул норма ерте неке менен байланыслы көплеген социаллық, медициналық ҳәм психологиялық машқалалардың алдын алыўға хызмет етеди.

Соның менен бирге, неке жасының нызамлы шегарасы жасларды әйне усы жаста турмыс қурыўға ийтермелейтуғын фактор сыпатында талқыланбаўы керек. Керисинше, бул ҳуқық жаслардың саналы, пуқта ойланған ҳәм жуўапкершиликли қарар қабыл етиўи ушын жаратылған имканият. Ҳәр бир жигит ҳәм қыз бәринен бурын өзиниң физикалық ҳәм руўхый жағдайы, турмыслық мақсетлери, билимлендириў ҳәм кәсиплик раўажланыў дәрежесин есапқа алған ҳалда неке мәселесине қатнас жасаўы зәрүр.

Әсиресе, қызлардың жоқары билимлендириў мәкемелерине кирип-ақ турмысқа шығыўы көплеген қыйыншылықларды келтирип шығарыўы мүмкин. Бул жағдай билимлендириўдиң сапасының төменлеўи, ҳаял-қызлардың өз потенциалын толық көрсете алмаўы, нәтийжеде жәмийетте ҳаял кадрларға болған исеним ҳәм талаптың төменлеўине алып келиўи итималдан жырақ емес. Билимли, кәсип-өнерге ийе, еркин пикирлейтуғын ҳаял болса тек ғана өз шаңарағының емес, ал жәмийеттиң раўажланыўына да шексиз үлес қосады.

Демек, бәркамал әўладты тәрбиялаў жолында жетиклик, билим ҳәм жуўапкершилик үстин болыўы керек. Дәслеп билимлендириў, соң кәсип, оннан кейин болса бахытлы шаңарақ бүгинги заман талап етип атырған дурыс турмыслық избе-излик. Әйне усы қатнас ғана беккем шаңарақлар, саламат аналар ҳәм бахытлы перзентлер жәмийетин қурыўға хызмет етеди.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА